Нөкистеги Жаслар орайында Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы ҳәм «Қарақалпақ әдебияты» газетасының басламасы менен «Президент Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстанға сапарының жуўмақларынан келип шығып, дөретиўишилер алдында турған әҳмийетли мәселелер» атамасында әдебий әнжуман болып өтти.

Илажда атап өтилиўинше, елимиз басшысының Қарақалпақстанға ҳәр бир сапары ўақтында аймақтың экономикасын раўажландырыў, социаллық шараятларды жақсылаў бойынша системалы илажларды белгилеп бермекте. Солардан келип шыққан ҳалда, өткен дәўирде аймақта бир қатар жойбарлар турмысқа енгизилди.

Президентимиздиң республикамызға бул сапары шеңберинде де аймақтың социаллық-экономикалық раўажланыўына байланыслы әҳмийетли мәселелерди шешиў менен бирге, адамлардың турмысын тиккелей көзден өткерип, олар менен пикирлесип, талап ҳәм тилеклерин инабатқа алған ҳалда, келешекке мөлшерленген ўазыйпаларды белгиледи.

Илажда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Қарақалпақстанда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўларды адамлар өз үйи, мәҳәллеси, районы мысалында ашық-айдын сезип атырғаны атап өтилди.

Илаж қатнасыўшылары, Президентимиздиң халқымыз ушын ислеп атырған бундай  ис-ҳәрекетлерин, ийгиликли ислерин жазыўшы ҳәм шайырларымыз, әлбетте, әдебий шығармаларында сәўлелендириўи зәрүрлигин атап өтти. Мойнақтағы жаңаланыўлар менен өзгерислер, елимиздиң ең шығысында жайласқан «Қарақалпақстан» посёлкасының пүткиллей жаңа көриниси ҳәр бир дөретиўшини илҳамландырады әлбетте.

Усылардан келип шыққан ҳалда, Қарақалпақстанның жаңа келбетин, Аралбойында жасап мийнет етип атырған заманымыз қаҳарманларының образын әдебиятта сәўлелендириўди хошаметлеў мақсетинде «Қарақалпақ әдебияты» газетасы және бир ийгиликли иске қол урды. Яғный газета редакциясы келешекте өз уставында нәзерде тутылғанындай, «Қарақалпақ әдебияты» китапханасы сериясында китапларды басып шығара баслады. Жас дөретиўши ҚМУ жанындағы 1-санлы академиялық лицей оқыўшысы Гули Алланазарованың «Қувноқвойнинг саргузаштлари», «Гулининг умидлари» китаплары мине усы серияда басып шығарылды.

Илаж шеңберинде өткерилген бул китаплардың презентациясында Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, «Қарақалпақ әдебияты» газетасы редакторы, сенатор Г.Аннақлышева,  Қарақалпақстан халық шайыры Н.Төрешова, «Қорақалпоғистон тонги» газетасының бас редакторы Н.Матякупова, Өзбекстан Жаслар аўқамы Кеңеси бөлими баслығының орынбасары Б.Аралбаева, филология илимлериниң кандидаты Ш.Сағыйдуллаева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, «Қарақалпақ әдебияты» газетасының бул басламасы Президентимиз тәрепинен жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў бағдарында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

Редакция тез күнлерде биринши топар майыбы, көзи әззи шайыр Марат Ережеповтың китабын да  басып шығарыўды режелестирмекте.

Булардан тысқары жас аўдармашылар тәрепинен Европа әдебияты үлгилериниң қарақалпақ тилине ҳәм қарақалпақ әдебияты  үлгилериниң шет тиллерге аўдармаларын басып шығарыў, «Қарақалпақ әдебияты» газетасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўи министрлиги арасында тастыйықланған шәртнамадан келип шыққан ҳалда оқытыўшылардың мақалалар топламлары, методикалық қолланбаларын басып шығарыў режелестирилген.

Әнжуман шеңберинде Өзбекстан Жаслар Аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм «Қарақалпақ әдебияты» газетасы арасында жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде өз-ара бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Илаж соңында шайырлар тәрепинен Ўатанымызды жырлайтуғын қосықлар оқылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги