Жақында Нөкис мелиорация ҳәм суў хожалығы кәсип-өнер колледжинде Өзбекистан  ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзиниң мазмун-мәнисин жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаўға байланыслы ўазыйпалар» темасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Илажда Өзбекистан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң жуўаплы хызметкерлери, Нөкис Мәмлекетлик педагогикалық институты, Нөкис милиорация ҳәм суў хожалығы кәсип-өнер колледжи оқытыўшылары, студентлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың усы халықаралық әнжумандағы шығып сөйлеген сөзи терең мазмуны ҳәм әҳмийети менен  ажыралып турды.Онда Өзбекистандағы демократиялық процесслер, инсан ҳуқықлары, жаслар мәселеси, диний кеңпейиллик, халықаралық қәўипсизлик, экология ҳәм басқа да тараўларда алып барылып атырған кең көлемли реформалар өз сәўлелениўин тапқан.

Президентимиз тәрепинен алға қойылып атырған «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстин», «Халық мәмлекетлик уйымларға емес,мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек», «Халық бай болса, мәмлекет те бай ҳәм қүдиретли болады» деген принциплерди әмелге асырыў, сондай-ақ БМШтың Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық конвенциясын ислеп шығыў, Бас Ассамблеяның «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» деп аталған арнаўлы резолюциясын қабыл етиў бойынша усыныслары ҳәммеде үлкен қызығыўшылық оятпақта.

Илажда Өзбекистан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Жаслардың социаллық сиясий белсендилигин арттырыў мәселелери бойынша сектор баслығы П.Скендеров, Әжинияз атындағы НМПИ аға оқытыўшысы, ӨзХДП белсендиси Ж.Әбдираманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп,Президентимиздиң айтқан пикирлерин қоллап-қуўатлап,өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

 

Нурсулыў НУРБЕКОВА,

ҚМУ журналистика тәлим бағдары 4-курс студенти.