Усы жыл 29-ноябрь ҳәм 2-декабрь күнлери аралығында Нөкисте Олимпиада спорт түрлери бойынша спорттың бокс, еркин ҳәм грек-рим, ҳаяллар гүреси, дзюдо, каратэ WKF, таэквондо WTF, жеңил атлетика түрлеринен сайлап алыў жарыслары басланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-марттағы «Өзбекстан спортшыларын 2020-жылы Токио қаласында (Япония) болып өтетуғын XXXII жазғы Олимпиада ҳәм XVI Паралимпияда ойынларына таярлаў ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўәзыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Олимпиада спорт түрлери бойынша 17 жас ҳәм оннан жоқары болған спортшылар арасында ноябрь-декабрь айларында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында сайлап алыў (селекция) жарыслары өткерилмекте.
Спорт жарыслары 30-ноябрь күни басланып, онда спорттың каратэ WKF бойынша Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде ҳәм спорттың грек-рим гүреси бойынша Нөкис қәнигелестирилген олимпиада резервлери мектеп-интернатында өткерилмекте.
1-2-декабрь күнлери дзюдо ҳәм еркин гүрес бойынша Нөкис қәнигелестирилген олимпиа резервлери мектеп-интернатында, 2-декабрь күни таэквондо WTF бойынша Нөкис калалық 2-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде, 1-2-декабрь күнлери жеңил атлетика бойынша Нөкис қалалаық 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде, 3-декабрь күни ҳаяллар гүреси ҳәм бокс түрлери бойынша республикалық жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби ҳәм Нөкис қәнигелестирилген олимпиа резервлери мектеп-интернатында өткериледи.
Спорт жарыслары ҳаққында мағлыўмат берип барамыз.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы