Бажыхана ҳәкимшилигин жетилистириў ҳәм Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бажыхана хызмети органлары жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққындағы Президент пәрманы қабыл етилди.

Пәрман тийкарында 2020-2021-жылларда Қарақалпақстан Республикасындағы «Даўыт ата» бажыхана постына тутас аймақта мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында заманагөй бажыхана терминалы қурылады.

«Бир айна» принципи тийкарында бажыхана, банк, логистика, оператив-лаборатория, фитосанитар, ветеринариялық санитар-эпидемиологиялық, экологиялық, сертификатластырыў ҳәм басқа хызметлерди көрсетиў бажыхана терминалларындағы мәмлекетлик уйымлар және басқа шөлкемлердиң тийкарғы функциялары болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.