Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Қарақалпақстан Республикалық кеңеси «Жаслар қанаты» ҳәм республика Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген таңлаў уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайының өмирин ҳәм дөретиўшилигин үйрениў, шығармаларының мазмуны менен әҳмийетин жас әўладтың санасына терең сиңдириў, уллы бабамыздың руўхый мийрасын кеңнен ен жайдырыўда айрықша әҳмийетке ийе болды.

Таңлаўда оқыўшылар ең көп ғәззел ядлаў, ғәззелди көркемлеп оқыў, оның текстин баянлап бериў, ғәззел текстиндеги түсиниў қыйын болған сөзлерди тәрийплеў сыяқлы шәртлер бойынша билимин ҳәм шеберлигин сынақтан өткерди.

Биринши орынды Тахтакөпир районындағы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшысы Нилюфар Жақсылықова ийелеп, таңлаўдың финальлық басқышына жоллама алды. Екинши орынға Әмиўдәрья районындағы 18-санлы мектеп оқыўшысы Нилюфар Түркменбаева, үшинши орынға Елликқала районындағы 37-санлы мектеп оқыўшысы Зилола Эгамбердиева ийе болды.

 

– «Наўайы мийрасхорлары» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында биринши орынды ийеледим, – дейди Тахтакөпир районындағы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Н.Жақсылықова. -Таңлаў даўамында ядлап келген отыздан аслам ғәззеллерди айтып бердим. Ташкент қаласында болатуғын финальлық басқышта да сыйлы орынды ийелеп қайтаман деген үмиттемен.

 

М.ПИРНАЗАРОВА.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.