Жақында Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў басқармасы тәрепинен «Биз – жаслар елимизге хызмет етиўде ҳүжданлы, инсаплы ҳәм ҳадал болыўымыз керек» сүрени астында өткерилип атырған таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышында «Ең жақсы плакат», «Ең жақсы сүўрет» ҳәм «Ең жақсы эссе» номинацияларының жеңимпазларын анықлаўға арналған илаж шөлкемлестирилди.

 

Илажда Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси хызметкерлери, кәсип-өнер колледжлери ҳәм академиялық лицейлердиң оқыўшы-жаслары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Бул таңлаўдың жумысларды сайлап алыў басқышлары сентябрь айының үшинши он күнлигинде болып, оған 1850 ден аслам, ал октябрь айында өткерилген жергиликли басқышта 450 ге шамалас жаслар өз дөретиўшилик жумыслары менен қатнасты.

Таңлаўды өткериўден мақсет – халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын арттырыў, жәмийетте коррупцияға қарсы қатнасты қәлиплестириў, мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының барлық тараўларында коррупцияның алдын алыўға қаратылған илажларды әмелге асырыў, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың ақыбетлерин, оларға имканият жаратып атырған себеплер ҳәм  шараятларды сапластырыўдың жолларын табыўдан ибарат.

 

Қарақалпақстан Республикалық басқышында «Ең жақсы плакат» номинациясы бойынша 1-орын Нөкис медицина колледжи оқыўшысы Ҳ.Жолдасбаевқа, «Ең жақсы сүўрет» номинациясы бойынша 1-орын Нөкис компьютер ҳәм мәлимлеме технологиялары кәсип-өнер колледжиниң оқыўшысы Ю.Усмановаға несип етип, олар таңлаўдың финаллық басқышында қатнасыў ушын жоллама алды.

 

(Қарақалпақстан хабар агентлиги)