Самарқандта Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы С.Холмуродов елимизге келген «Роснано» акционерлик жәмийетиниң бас директоры А.Чубайс пенен ушырасты.

«Роснано» 2011-жылда «Россия нанотехнологиялар корпорациясы» тийкарында шөлкемлестирилген болып, мәмлекетте нанотехнологиялар тараўында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырады. Заманагөй өним ҳәм хызметлерди ислеп шығарыў бойынша жоқары технологиялық жойбарларды турмысқа енгизиўге инвестиция киргизеди. Жәмийеттиң инвестициялаў сиясаты тийкарынан электротехника, оптоэлектроника ҳәм телекоммуникациялар, денсаўлықты сақлаў ҳәм биотехнология, металлургия, машина қурылысы, энергетика, қурылыс ҳәм санаат өнимлерин ислеп шығарыў, химия ҳәм нефть-химия тараўларына бағдарланған.

Бүгинги күнде Россия Федерациясының 37 аймағында «Роснано» инвестициясы тийкарында шөлкемлестирилген илимий-изертлеў орайлары ҳәм 95 кәрхана жумыс ислемекте. Жәмийеттиң акциялары толық мәмлекет қарамағында. Кейинги төрт жылда компания нақ пайда менен ислемекте.

Ушырасыўда елимизде нанотехнологиялардан пайдаланыў тараўында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул бағдарда «Роснано» пенен бирге ислесиў мәселелери додаланды. Тәреплер бул бағдардағы өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ғ.ҲАСАНОВ

ӨзАның хабаршысы