Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалы

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 13-ноябрьдеги 924-санлы қарары тийкарында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалы шөлкемлестирилди.

Филиалдың тийкарғы ўазыйпалары етип спорт хызмети, дене тәрбиясы ҳәм спорт менеджменти, мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириўде дене тәрбиясы ҳәм спорт, психология (спорт) тәлим бағдарлары бойынша жоқары тәжирийбели кадрларды халықаралық стандартлар дәрежесинде сапалы таярлаўды тәмийинлеў ҳәм т.б. етип белгиленди.

2019-2020-оқыў жылында Филиалға төмендеги бағдарлар бойынша 50 студент қабылланады:

Спорт хызмети: көркем гимнастика;

Спорт хызмети: дзю-до;

Спорт хызмети: баскетбол;

Спорт хызмети: волейбол;

Спорт хызмети: ескек есиў;

Спорт хызмети: еркин гүрес;

Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириўде дене тәрбиясы ҳәм спорт;

Психология (спорт).

2020-2021-оқыў жылынан баслап Филиалға студентлерди қабыллаў саны белгиленген тәртипте ҳәр жылы тастыйықланатуғын республикалық жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў квоталарынан келип шыға отырып белгиленеди.

2020-2021-оқыў жылынан баслап тийисли тәлим бағдарларына қосымша түрде:

Спорт хызмети: бокс;

Спорт хызмети: жүзиў;

Спорт хызмети: миллий гүрес;

Спорт хызмети: футбол.

2021-2022-оқыў жылынан баслап тийисли тәлим бағдарларына қосымша түрде:

Спорт хызмети: жеңил атлетика;

Спорт хызмети: аўыр атлетика;

Спорт хызмети: қол тобы;

Спорт хызмети: грек-рим гүреси бағдарларында қәнигелер таярланады.

 

Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының Нөкис филиалы

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 13-ноябрьдеги 925-санлы қарары тийкарында Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының Нөкис филиалы шөлкемлестирилди.

Филиалдың тийкарғы ўазыйпалары етип электр энергиясы, технологиялық процеслер ҳәм өндиристи автоматластырыў және басқарыў, кәншилик жумысы, кәншилик электр механикасы, машина өндириси технологиясы ҳәм машина өндирисин автоматластырыў, химиялық технология бағдарлары бойынша жоқары тәжирийбели кадрларды халықаралық стандартлар дәрежесинде сапалы етип таярлаўды тәмийинлеў ҳәм т.б. етип белгиленди.

2019-2020-оқыў жылында Филиалға төмендеги бағдарлар бойынша 50 студент қабылланады:

Кәншилик жумысы (хызмет түрлери бойынша);

Химиялық технология (өндирис түрлери бойынша).

2020-2021-оқыў жылынан баслап тийисли тәлим бағдарларына қосымша түрде:

Машина өндириси технологиясы, машина өндирисин үскенелеў ҳәм автоматластырыў;

Технологиялық процеслер ҳәм өндиристи автоматластырыў және басқарыў (тармақлар бойынша).

2021-2022-оқыў жылынан баслап тийисли тәлим бағдарларына қосымша түрде:

Кәншилик электр механикасы;

Электр энергетикасы (тармақлар ҳәм бағдарлар бойынша) бағдарларында қәнигелер таярланады.

2020-2021-оқыў жылынан баслап Филиалға студентлерди қабыллаў саны белгиленген тәртипте ҳәр жылы тастыйықланатуғын республикалық жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў квоталарынан келип шыға отырып белгиленеди.

 

Самарқанд ветеринариялық медицина институтының Нөкис филилалы

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 13-ноябрьдеги 926-санлы қарары тийкарында Самарқанд ветеринариялық медицина институтының Нөкис филиалы шөлкемлестирилди.

Мийнет базарының талабына муўапық ветеринария ҳәм шарўашылық тараўы ушын жаңа ҳәм заманагөй билимлерге ийе болған жоқары тәжирийбели кадрларды халықаралық стандартлар дәрежесинде сапалы етип таярлаўды тәмийинлеў ҳәм т.б. Филиалдың тийкарғы ўазыйпасына киреди.

2019-2020-оқыў жылында Филиалға төмендеги бағдарлар бойынша 50 студент қабылланады:

Зооинженерия: жылқышылық ҳәм түйешилик;

Зооинженерия: балықшылық;

Ветеринариялық медицина (ири шақлы маллар кеселликлери).

2020-2021-оқыў жылынан баслап тийисли тәлим бағдарларына қосымша түрде:

Ветеринариялық диагностика ҳәм лабораториялық жумыслар;

Ветеринариялық медицина (қусшылық кеселликлери);

Зооинженерия: қарамалшылық.

2021-2022-оқыў жылынан баслап тийисли тәлим бағдарларына қосымша түрде:

Зооинженерия: қаракөлшилик;

Ветеринариялық санитария экспертизасы;

Ветеринариялық медицина (майда шақлы маллар кеселликлери) бағдарларында қәнигелер таярланады.

2020-2021-оқыў жылынан баслап Филиалға студентлерди қабыллаў саны белгиленген тәртипте ҳәр жылы тастыйықланатуғын республикалық жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў квоталарынан келип шыға отырып белгиленеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.