«Наўайы кән-металлургия комбинаты» мәмлекетлик кәрханасы ҳәм Наўайы қаласының 60 жыллық салтанатлары кеңнен белгиленбекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 18-октябрьдеги «Наўайы қаласы ҳәм «Наўайы кән-металлургия комбинаты» мәмлекетлик кәрханасы шөлкемлестирилгениниң 60 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары тийкарында ўәлаятта ҳәр қыйлы халықаралық әнжуманлар ҳәм илажлар өткерилмекте.

Уллы ойшыл Әлийшер Наўайы аты менен аталатуғын ўәлаят жер асты ҳәм жер үсти тәбийғый байлықларына, үлкен экономикалық потенциалға ийе. Ўәлаят орайы болса елимиздиң нәўқыран ҳәм гөззал қалаларынан бири болып есапланады. Елимиздиң ири өндирис аймағы болып есапланған ўәлаятта кән-металлургия, химия, энергетика, қурылыс материаллары, пахта тазалаў, азық-аўқат санааты жедел раўажланбақта.

«Наўайы кән-металлургия комбинаты» мәмлекетлик кәрханасының тарийхы 1958-жыл Қызыл қум регионында қымбат баҳалы металларды қазып алыў ушын мөлшерленген комибинаттың қурылысы менен байланыслы. Аймақтың жер асты байлықларын анықлаўда белгили илимпаз, академик Ҳабиб Абдуллаевтың илимий изленислери үлкен әҳмийетке ийе. Халқымыздың жанкүйер перзенти Шараф Рашидовтың Зарафшан диярында Наўайы кән-металлургия комбинатын шөлкемлестириў, шексиз саҳра қушағында Наўайы, Зарафшан, Ушқудық сыяқлы көркем қалаларға тийкар салыныўындағы пидайылығы себепли олар бүгин елимиздиң экономикалық раўажланыўын, халқымыз абаданлығын жоқарылатыўға хызмет етпекте. Ғәрезсизлигимиздиң шарапаты менен комбинат өткен тарийхый қысқа, бирақ аўыр дәўирде өзиниң өндирис қуўатлылықларын жыл сайын арттырып, үлкен табысларға ериспекте.

Юбилей мүнәсибети менен Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтында «Кән-металлургия комплексин инновациялық раўажландырыў перспективалары» атамасында халықаралық әнжуман болып өтти. Онда елимиздиң илимпазлары менен бирге, Россия, Германия, Канада, Украина, Қазақстан ҳәм Қырғызстаннан келген кән-металлургия тараўының жетик қәнигелери қатнасты.

Наўайы қаласындағы «Фарҳад» мәденият сарайында шөлкемлестирилген юбилей илажында Президентимиздиң «Наўайы кән-металлургия комбинаты» мәмлекетлик кәрханасының ҳәм Наўайы қаласының 60 жыллығы мүнәсибети менен жоллаған байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Арипов оқып еситтирди.

Президентимиздиң «Наўайы кән-металлургия комбинаты» мәмлекетлик кәрханасының ҳәм Наўайы қаласының 60 жыллығы мүнәсибети менен өндирис алдыңғылары ҳәм жәмийетшилик  белсендилеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған бир топар кәншилик санаатының ўәкиллерине сыйлықлар тапсырылды.

«Наўайы кән-металлургия комбинаты» мәмлекетлик кәрханасы хызметкерлери кәсиплик аўқамы Кеңесиниң баслығы И.Раҳматов «Фидокорона хизматлари учун» ордени менен сыйлықланды.

-Комбинатта кадрлар сиясатының бас страгегиясы – жетик қәнигелерди таярлаў. Олардың резервин дүзиў, қәнигелигин ҳәм әмелий шеберлигин турақлы арттырып барыўға айрықша итибар қаратылып атыр, – дейди И.Раҳматов. – Бүгинги күнде комбинатта 60 мыңға шамалас жумысшы-хызметкер мийнет етеди. Комбинаттың тийкарғы бас дәстүри – инсан факторына итибар қаратыў, оны социаллық қорғаў, жумысшы-хызметкерлердиң турмыс шараятын жақсылаў, оларды саламатландырыў, дем алыўы ҳәм бос ўақтын мазмунлы өткериўи ушын шараят жаратыў болып есапланады. Комбинатта бул бағдарда барлық шараятлар бар

Белгили көркем өнер шеберлериниң қатнасыўындағы концерт бағдарламасы илажға өзгеше көтериңки руўх бағышлады.

Нуриддин РАҲИМОВ,

ӨзАның хабаршысы