Қарақалпақстан Республикасында қыс мәўсиминде өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша халықтың жасаў орынлары ҳәм 3 мыңнан аслам көп этажлы жайларда жасайтуғын пуқаралардың үйлери, жертөлелериниң өртке қарсы жағдайы толық тексерилип шығылды, деп жазады ӨзА.

Тексериўлердиң жуўмақлары бойынша халық хожалығы орынлары ҳәм турақ жайларда анықланған кемшиликлер бойынша тийисли мәкемелерге 800 ге шамалас мәлимлеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң жоқары органларына 600 ден аслам усыныслар киргизилди. Өрт қәўипсизлиги қағыйда ҳәм талапларын бузған 2 мың 42 лаўазымлы, жуўапкер шахслар және пуқараларға 107 миллион сумнан аслам муғдарда ҳәкимшилик жәриймалар белгиленди.

Қарақалпақстанда быйылғы жылдың өткен дәўиринде 660 тан аслам өрт жүз берген. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өртлердиң 1,3 процентке азайғанын көрсетеди. Жүз берген өртлер келтирген зыян муғдары дерлик 4 миллиард 700 миллион сумды қураған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги