Самарқанд қаласындағы Форумлар комплексинде 22-23-ноябрь күнлери Инсан ҳуқықлары бойынша Азия форумы болып өтти.

Форумның дәслепки күнинде қатнасыўшылар «Инсан ҳуқықлары жер жүзилик декларациясының мийрасы-универсаллық ҳәм инсан ҳуқықлары», «Инсан ҳуқықлары – Турақлы раўажланыў мақсетлерин тәмийинлеўдиң тийкары сыпатында», «Инсан ҳуқықлары тараўы тәлими: инновациялар ҳәм жаңа шақырықлар» сессияларында өз-ара пикир алысты.

Екинши күнги сессия «Инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлардың инсан ҳуқықларының ҳүрмет етилиўи, қорғалыўы және оларға әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелеринде мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң институтлары менен өз-ара бирге ислесиўи» темасына бағышланды. Бул ҳаққында Инсан ҳуқықлары бойынша Монголия миллий комиссиясының бас комиссары Ямсран Бьямбадорж, Қырғызстан Омбудсманы Токон Мамитов, Инсан ҳуқықлары бойынша Индонезия миллий комиссиясының баслығы Аҳмад Даманик, Инсан ҳуқықлары бойынша Оман султанлығы комитетиниң ағзасы Исҳоқ бин Жумма ал-Харусийдиң баянатлары тыңланды.

Бул баянатлар ҳәм тема бойынша қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тийкарында сессияның пикир-усыныслары ислеп шығылды.

Оннан соң форумның жуўмақларына бағышланған жуўмақлаўшы мәжилис өткерилди. Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов «Инсан ҳуқықлары жер жүзилик декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығы жуўмақлары: заманагөй қәўип-қәтерлер ҳәм ҳақыйқатлық» атамасындағы Азия форумы табыслы өткенин атап өтти.

– Еки күн даўамында форум сессияларында көплеген баянатлар тыңланды, -деди А.Саидов. – Сондай-ақ, темалар бойынша киши жумысшы топарларда баянатлар бойынша өз-ара пикир алысылды. Бул мәжилислерде елиўден аслам қатнасыўшы – халықаралық шөлкемлер, мәмлекетлик уйымлар, парламент ўәкиллери, суд-ҳуқық уйымларының хызметкерлери, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди. Илаж шөлкемлестириўшилери бул пикирлерди форумның жуўмақлаўшы ҳүжжети – Инсан ҳуқықлары бойынша Самарқанд декларациясын таярлаўда итибарға алды ҳәм олар ҳүжжетте сәўлеленди. Әнжуман қатнасыўшылары Азия форумының өз ўақтында шөлкемлестирилгенин ҳәм онда инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша әҳмийетли мәселелердиң додаланғанын атап өтти.

БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссарының арнаўлы ўәкили Адам Абделмула Инсан ҳуқықлары жер жүзилик декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген бул форум тараўда жумыс ислеп атырған миллий институтлар, халықаралық экспертлер ушын өз-ара пикир ҳәм тәжирийбе алмасыў, 2030-жылға шекем Турақлы раўажланыў мақсетлерин жүзеге шығарыў ушын ўазыйпаларды белгилеп алыўда үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Усыған байланыслы бул форумды дәстүрий түрде өткериў усынысын билдирди.

ЕҚБШның Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының директоры Ингибьёрг Сольрун Гисладоттир, БМШтың Өзбекстандағы турақлы муўапықластырыўшысы, БМШ Раўажланыў бағдарламасының турақлы ўәкили Хелена Фрейзер де форумның табыслы өткенин атап өтип, онда билдирилген пикирлер Азия еллеринде инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында әҳмийетли ўазыйпаларды  белгилеп бергени менен әҳмийетли болғанын атап өтти.

ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарларын муўапықластырыўшысы Жон Макгрегор форумда додаланған мәселелердиң зәрүрлигине итибар қаратып, тийкарғы ўазыйпа оларды әмелге асырыў екенине итибар берди.

– Биз инсан ҳуқықлары тараўында ҳәрекеттен тоқтамасақ, алдымызға қойған мақсетлерге ерисемиз, – деди Жон Макгрегор. – Еки күн даўамында ҳәммемиздиң дыққат орайымызда турған мәселелер ойландырған сораўларға қандай да мәниде жуўап таптық, қандай ҳәрекет етиўимиз зәрүрлигин түсиндик. Гәп инсан ҳақ-ҳуқықларын тәмийинлеў, миллет  келешегине қаратылған мине усы мақсетлерге умытылыўда. Барлығымыз ушын миллет келешегинен зәрүр тема жоқ. Бул форум да Өзбекстан, Азия еллеринде инсан ҳуқықлары тараўындағы реформаларды жаңа басқышта даўам еттириўге хызмет етеди. Биз бул бағдарда Өзбекстанда алып барылып атырған жумысларды шөлкемимизге ағза мәмлекетлерге үлги етип көрсетемиз.

Форум қатнасыўшылары еки күнлик додалаўлардың жуўмақлары бойынша Инсан ҳуқықлары бойынша Самарқанд декларациясын қабыл етти. Бул ҳүжжет Инсан ҳуқықлары  жер жүзилик декларациясы ҳәм Турақлы раўажланыў мақсетлеринде белгиленген ўазыйпаларды буннан былай да нәтийжели орынлаўға хызмет ететуғыны тән алынды.

Азия форумы шеңберинде Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы миллий орайының директоры Акмал Саидов ҳәм ЕҚБШның Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының директоры Ингибьёрг Соьрун Гисладоттирдиң  ушырасыўы өткерилди. Онда еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.

Форум қатнасыўшылары ушын Самарқандтың тарийхый естеликлери менен дыққатқа ылайық орынларына саяхат шөлкемлестирилди.

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның хабаршысы