Казбеков Жүсипбек Сыдықбекович Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Экология ҳәм Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Казбеков Жүсипбек Cыдықбекович 1973-жылы 15-апрельде Нөкис қаласында туўылған. 1995-жылы Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери иниститутын ҳәмде 2011-жылы Колорадо штаты университетин (магистратура, АҚШ) тамамлаған. Мағлыўматы бойынша қәнигелиги инженер-гидротехник, суў ресурсларын басқарыў.

Ж.Казбеков 2015-жылдан баслап Орайлық Азия экологиялық орайы халықаралық мәмлектлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң Өзбекстандағы филиалы суў бағдарлары бойынаша координаторы лаўазымында ислеп келген.

Еслетип өтемиз, бул лаўазым Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамындағы тапсырмасына муўапық енгизилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги