Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-5087-санлы «Бизнестиң нызамлы мәплериниң мәмлекет тәрепинен қорғалыўы ҳәм исбилерменлик жумысын буннан былай да раўажландырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм ПҚ-3068-санлы «Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы жумысын шөлкемлестириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Қарарына муўапық бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

– Атап айтқанда, исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў тараўында усы жылдың есап бериў дәўиринде жәми 33 мүрәжат көрип шығылды,-дейди Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары Қ.Әзирбаев. – Сондай-ақ,  Палата ағзаларының мәпин гөзлеп, басқарма тәрепинен судларға  улыўма баҳасы 114 миллиард сумға шамалас муғдардағы жәми 2668 даўа арза киргизилди. Соның менен бирге, исбилерменлик субъектлери арасында пайда болған 22 келиспеўшиликтиң судқа шекемги шешимин табыў (медиация) жумыслары исленди.

Исбилерменлик жумысларына жәрдемлесиў мақсетинде усы жылдың есап бериў дәўиринде исбилерменлик субъектлерине бизнести шөлкемлестириў, жүргизиў ҳәм еле де раўажландырыў процесинде пайда болып атырған машқалалар, әсиресе, инфраструктуралық машқалаларды шешиў ҳәм көмеклесиў ушын жәми 98% мүрәжатлар көрип шығылып өз шешимин тапты.

Базар инфраструктурасы субъектлериниң хызметлеринен пайдаланыў мүмкиншилигин бериў мақсетинде басқарма менен қамсызландырыў базарының қәнигели қатнасыўшылары, баҳалаў компаниялары ҳәм басқа да базар инфраструктурасы субъектлери арасында байланыслар орнатылды.

Бүгинги күнде, Палатаның Нөкис қалалық ҳәм районлардағы Исбилерменликке көмеклесиў орайлары тәрепинен орынлардағы қамсызландырыў компанияларының филиаллары менен 6, баҳалаў компаниялары менен 1, оқыў орайлары менен 4 бирге ислесиў (агентлик) шәртнамаларына қол қойысылды.

Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар менен де өз-ара бирге ислесиў жолға қойылған.

Барлық қала ҳәм районларда Палатаның Исбилерменликке көмеклесиў орайлары шөлкемлестирилди. Олардың барлығы «Мәмлекетлик хызметлер орайлары» менен бир имаратта жайласқан.

Республикамыз бойынша Исбилерменликке көмеклесиў орайлары ҳәм олардың бөлимлери тәрепинен халыққа 25 мың 342 хызмет көрсетилди. Олардың 25 мыңға шамаласы исбилерменлик субъектлерине ҳәм 573 и исбилерменлик жумысын басламақшы болған адамларға тийисли.

Халыққа бизнес реже таярлаў, реже таярлаў, ҳуқықый мәселелер бойынша мәсләҳәт бериў, электрон санлы имза алыўға көмеклесиў, есап бетин ашыў ушын ҳүжжетлер таярлаўда бийпул түрде хызмет көрсетилмекте.

Бүгинги күнге шекем палатаның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанынан дүзилген «Қарақалпақ бизнес оқыў» оқыў орайында 300 ден аслам исбилермен оқытылды. Ал, Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен бирликте шөлкемлестирилген оқыў курсларында 728 исбилермен ҳәм өз исбилерменлигин жолға қойыў мақсетинде жүрген физикалық шахслар оқытылды.

Халықты, әсиресе, жасларды исбилерменликке кеңнен тартыў ушын Халықаралық мийнет шөлкеми менен биргеликте «Бизнес пенен танысыў» атамасында модулли оқыў материалларының топламы таярланып, барлық кәсип-өнер колледжлерине тарқатылды.

Сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм сырт елден заманагөй мини-технологияларды, әсбап-үскенелерди алып келиў бағдарында да бир қатар илажлар әмелге асырылып, республикамыздағы 5 кәрханаға улыўма баҳасы 1,047 миллион АҚШ долларына тең мини-технологиялар ҳәм үскенелер табыўда тиккелей жәрдем көрсетилди. 22 исбилерменниң Қытайда болып өткен заманагөй үскенелер көргизбесине қатнасыўына жәрдем берилди.

Бул бағдардағы жумыслар даўам еттирилмекте.

Жазып алған: Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.