2018-жыл 22-ноябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар елимизде социаллық, экономикалық, суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.

Мәжилис күн тәртибине киргизилген барлық мәселелер сиясий партиялардың парламент төменги палатасындағы фракциялары ҳәм Өзбекстан экологиялық ҳәрекети депутатлар топарының мәжилислеринде дәслепки түрде додаланған еди.

Ҳәммемизге белгили, елимиздиң халықаралық келисимлери мәмлекетлик ҳуқықый системаның ажыралмас бөлеги болап есапланады. Сол себепли, мәжилис алдында депутатлар жумысты «Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын ҳәр тәреплеме додалаўдан баслады.

Президентимиздиң 2018-жыл 5-апрельдеги пәрманы менен тастыйықыланған «Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги системасының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы»ның 3-бәнтиниң орынланыўы бойынша Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен ислеп шығылған усы нызам жойбарының тийкарғы мақсети халықаралық шәртнамаларды дүзиў, басып шығарыў, дизимге алыў, сақлаў, орынлаў, олардың әмел етиўин тоқтатыў ҳәм тамамлаў, сондай-ақ, орынланыўын мониторинг етиў тәртибин белгилеўден ибарат.

Жаңа редакциядағы «Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары ҳаққында»ғы нызамды қабыл етиў мәселесин комплексли таллаў соны көрсетеди, ҳәзирде ҳәрекеттеги нызам 1995-жылда қабыл етилген болып, дерлик шерек әсир даўамында Өзбекстанда усы тараўда көлемли өзгерислер жүз берди. Бул болса ҳуқықты қолланыў әмелиятында да белгили өзгерислердиң болыўына алып келди. Сонлықтан, усы нызам жойбарында тараўға байланыслы әмелдеги бир қатар жаңа өзгерислер өз сәўлелениўин тапты.

Жойбар тексти «түсиниклер аппараты» менен толтырылды. Халықаралық шәртнамаларды ҳуқықый, экономикалық, финанслық, илимий, экологиялық ҳәм линвистикалық, сондай-ақ, басқа түрдеги экспертизадан өткериў механизмлери  белгиленди. Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен халықаралық шәртнамалардың орынланыўы бойынша мониторинг алып барыў механизми кеңейтилди. Юридикалық миннетлемени жүклейтуғын ҳүжжет болмаған халықаралық актлердиң (декларация, бирликтеги билдириў, түсинисиў меморандумы ҳәм басқалар) ҳуқықый жағдайы белгиленди.

Депутатлардың пикиринше, нызам жойбарының қабыл етилиўи мәмлекеттиң сыртқы сиясатын әмелге асырыўдың тийкарғы қуралларынан бири болған халықаралық бирге ислесиўдиң шәртнамалық-ҳуқықый базасын қәлиплестириўге ҳәм жетилистириўге хызмет етеди.

Депутатлар тәрепинен 2017-2018-жылларға мөлшерленген коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Мәмлекетлик бағдарламаның 7-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған «Жәбирлениўшилер, гүўалар ҳәм жынаят процесиниң басқа қатнасыўшыларын қорғаў ҳаққында» ғы нызам жойбары болды.

Ҳәммемизге белгили, Жынаят-процессуал кодексиниң 270-статьясына муўапық жәбирлениўши, гүўа ямаса жумыста қатнасып атырған басқа шахсларға, сондай-ақ, олардың шаңарақ ағзалары ямаса жақын туўысқанларына өлтириў, күш жумсаў, мүлкин жоқ етип таслаў ямаса мүлкине зыян жеткериў менен ямаса ҳуқыққа тән емес ис-ҳәрекетлер менен қорқытылып атыр, деп айтыў ушын жетерли мағлыўматлар бар болған жағдайда сорастырыўшы, тергеўши, прокурор, суд бул шахслардың турмысы, саламатлығы, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм мүлкин қорғаў, айыпланыўшыларды анықлаў және оларды жуўапкершиликке тартыў илажларын көриўи шәрт. Бирақ ҳәзирге шекем нызам ҳүжжетлеримизде қорғаў илажларының системасын анықлаў тәртиби, оларды қолланыў тийкарлары анық-тынық белгиленбеген.

Усы нызам жойбарында бир қатар сырт еллердиң тәжирийбеси үйренилген ҳалда, қорғаў илажларының системасын анықлаў. оларды қолланыў тийкарлары және тәртиби сәўлелендирилмекте. Ўәкилликли уйымлар тәрепинен жынаят процесиниң қатнасыўшыларына шахсты қорғаў, турақ жай  ҳәм басқа да мүлкти сақлаў, оларға индивидуал қорғаныў қуралларын ҳәм теникалық қуралларды бериў, ўақтынша қәўипсиз орынға жайластырыў, басқа жасаў орнына көшириў, жумыс (хызмет)ямаса оқыў орнын өзгертиў, ҳүжжетлерин алмастырып турыў сыяқлы қәўипсизлик илажларының қолланыўы бағдарындағы нормалар анық белгилеп қойылмақта.

«Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарының додаланыўына депутатлардың қызғын пикир таласына себеп болды.

Усы нызам жойбарының тийкарғы мақсети Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң қала қурылысы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў бөлимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўден ибарат. Атап өтилгениндей, әмелиятта айырым жағдайларда жеке туртиптеги исбилерменлер – физикалық шахслар (пуқаралар) тәрепинен нызамсыз қурылыс-монтажлаў жумыслары алып барылмақта. Үйрениўлерге қарағанда, қурылыс тараўында исленип атырған ҳуқықбузарлықлар 2013-жылда 299, 2014-жылда 389, 2015-жылда 588 ҳәм 2016-жылда 911 ди қурағаны анықланған. Қурылыс-монтажлаў жумысларын орынлап атырған пуқараларға исленген бундай ҳуқықбузарлықлар ушын бүгинги күнде ҳәкимшилик жуўапкершиликти қолланыў мәселеси анық шешилмеген. Усы мүнәсибет пенен ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 99-статья ҳәм 160-статьяларына пуқаралар менен лаўазымлы шахсларға жуўапкершилик илажларын күшейтиў және қолланыў усыныс етилмекте.

Депутатлар жойбар бойынша нызам интакерлерине сораўлар менен мүрәжат етти. Бул нызам жойбары дәслепки түрде көрип шығылып атырғанда депутатлар тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар жойбарда өз сәўлелениўин таппағанын мысаллар келтирген ҳалда бийкарлады.

Буннан соң нызам жойбары даўысқа қойылды. Бирақ нызам жойбары жетерли даўыс жыйнай алмады.

Мәжилис күн тәртибиндеги гезектеги мәселе «Өзбекстан Республикасы жынаят кодесиниң 177-статьясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 170-статьясына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары болды.

Атап өтилиўинше, елимизде сырт ел валютасын алмасыў еркинлестирилгеннен берли тараўда әмелге асырылып атырған реформаларға қарамай, сырт ел валютасының нызамлы айланысы менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар кескин артып бармақта. Мәселен, Бас прокуратура жанындағы Департамент уйымлары тәрепинен өткерилген таллаўлар бул категориядағы жынаятшылықтың кескин өсиў жағдайларын көрсетпекте: бир ғана усы жылдың 9 айында 2 069 (2017-жылдың усы дәўиринде –  1 656) усындай ҳуқықбузарлықлар анықланған.

Соны инабатқа алған ҳалда таярланған нызам жойбары менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 170-статьясы, Жынаят кодекси 177-статьясының санкциясына өзгерис киргизиў арқалы валюта қымбатлықларын нызамға қайшы түрде алыў ямаса өткериў ушын жаза илажларын белгилеў және жәриймалардың муғдарын арттырыў нәзерде тутылмақта.

Депутатлардың пикиринше, усы нызамның қабыл етилиўи бул категориядағы ҳуқықбузарлықлар профилактикасының нәтийжелилигин  күшейтиўге, халық тәрепинен сырт ел валюталарын алмасыў шақапшалары арқалы сатып алыў дәрежесин арттырыўға, экономикада жасырын сектордың дәрежесин азайтыўға ҳәм сырт ел валютасының қадағалаўсыз шығып кетиў жолларын сапластырыўға жәрдем береди.

Мәжилисте, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы экономика министри Б.Ходжаевқа Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының «Өзбекстанда энергия ресрусларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм энергия үнемлеўши инновациялық технологияларды қолланыў перспективалары ҳаққында»ғы парламент сораўын жибериў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Сондай-ақ, мәжилисте парламент төменги палатасының ўәкилликлерине киретуғын басқа да мәселелер додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети