Қарақалпақстан Республикасы Кəсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесинде «Мийнет тараўындағы зәрүр әҳмийетке ийе мәселелер» атамасында дөгерек сәўбети болып өтти. Оған Нөкис қаласы ҳәкимлиги, коммерциялық банклер, тийисли министрликлер менен мәкемелердиң қәнигелери қатнасты.

Онда, Нөкис қаласы кәсиплик аўқамы шөлкемлеринде быйылғы «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда жәмәәтлик шәртнамалар арқалы исленген жумыслар талқыланды.

Дөгерек сәўбетинде Нөкис қаласы ҳәкимлиги, қалалық бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары бөлими, финанс бөлими, кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң ўәкиллери быйылғы Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеўде әмелге асырылған жумыслар, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мийнет қатнасықларын жетилистириў, бюджетлик кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердеги хызметкерлердиң мийнет ҳақысы, оларды социаллық қорғаў мәселелери туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылы жәмәәтлик шәртнамалар арқалы 2244 жумысшы  хызметкердиң  Ташкент қаласы, Наманган, Жиззақ, Ферғана ўәлаятларында жайласқан санаторийларда, 310 баланың балаларды саўалландырыў лагерлеринде дем алыўы шөлкемлестирилди. Кәсиплик аўқамлары шөлкемлеринде ислейтуғын жумысшылар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының Хийўа, Самарқанд қаласына саяхаты шөлкемлестирилип, ишки саяхатларға 260 хызметкер алып барылды. Бул илажларға кәсиплик аўқамнан 18 миллион 511,0 мың  сум муғдарында қаржы жумсалды.  «Халықаралық  балаларды  қорғаў  күни» мүнәсибети менен республикамызда өткерилетуғын «Ҳәр бир балаға меҳир-итибар» сүрени астындағы арнаўлы ҳәптеликте  кәрханаларда ислейтуғын 7 хызметкердиң  балалықтан майып балаларына 182350 сумлық оқыў қураллары саўғаға берилди.

«Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасын орынлаў мақсетинде 335 хызметкерге жәми 63 миллион 523,7 мың сумлық материаллык жәрдем көрсетилди. Сондай-ақ, Нөкис қаласы ҳәкимлиги менен бирликте кем тәмийинленген шаңарақ ағзаларына жәрдем көрсетиў, жумыс орынларын жаратыў мақсетинде 1 шаңараққа тигиў машинасы, 1 шаңараққа электр печи алып берилип, екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының ҳалынан хабар алынды ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Дөгерек сәўбети қатнасыўшылары пикир-усынысларын билдирип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.