Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында Франция сенаторлары Андре Ришар ҳәм Натали Гуле менен ушырасыў болып өтти.

Онда еки мәмлекет арасында парламентлераралық байланысларды және де раўажландырыў, исбилермен топар ўәкиллериниң сапарын кеңейтиў, сондай-ақ, Ташкент ҳәм Страсбург қалалары арасында бирге ислесиўди жолға қойыў жумысларын даўам еттириў мәселелери додаланды.

Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары С.Сафоев делегация ағзаларына елимизде халықтың абаданлығын арттырыў, мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық системасын жетилистириў, сыртқы сиясаттағы бирге ислесиў ҳәм дослық қатнасықларды беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Президент Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл октябрь айында Францияға рәсмий сапары парламентлераралық қарым-қатнасықты буннан былай да раўажландырыўға үлкен үлес қосты. Сапар етиў шеңберинде бир қатар тараўларда бирге ислесиўди беккемлеў, соның ишинде, парламентлераралық байланысларды реформалаў мәселеси додаланды.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында Франция Сенаты менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топар, Франция Республикасы Сенатында болса «Франция-Орайлық Азия» парламентлераралық топар табыслы жумыс алып бармақта. Елимиздиң Олий Мажлиси Сенаты делегациясының усы жыл 11-ноябрь күни Биринши жер жүзилик урыс тамамланғанының 100 жыллығы мүнәсибети менен Парижде өткерилген салтанатлы илажларда қатнасыўы усы бирге ислесиў қатнасықларының даўамы сыпатында баҳаланды.

Франция мәмлекетимиздиң сыртқы сиясатында Европа мәмлекетлери арасындағы ең тийкарғы шерик болып есапланады. Елимизде Франция инвесторларының қатнасыўында 16 кәрхана жумыс ислемекте.

Ушырасыўда делегация ағзалары елимизде халықтың турмыс дәрежесин жоқарылатыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, сыртқы сиясатта узақты гөзлеп алып барылып атырған дослық, өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәрекети халықаралық майданда елимиздиң абырайын беккемлеўге хызмет етип атырғанын айрықша атап өтти. Сондай-ақ, Самарқандта Инсан ҳуқықлары бойынша Азия форумының өткерилип атырғаны үлкен әҳмийетке ийе болып, әнжуманда франциялы сенаторлар да қатнасыўы режелестирилип атырғанын атап өтти.

Илажда еллеримиз арасындағы парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў, өз-ара пайдалы байланысларды раўажландырыўдың перспективалы бағдарлары, регионда қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелери додаланды.

 

Зуҳра МИРЗАБОЕВА,

ӨзАның хабаршысы.