Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Оман миллий байрамы – Султанның туўылған күни мүнәсибети менен Султан Қобус бин Саидты қутлықлады, деп хабар бермекте Президенттиң баспасөз хызмети.

Мағлыўмат орнында: 18-ноябрь Оман Султанлығы турмысында әҳмийетли орын тутады. Бул сәнеде Оман халқы өз мәмлекетиниң басшысы – Султан Қобус бин Саидқа өз ҳүрметин билдиреди. 1970-жылдан берли Оман мәмлекетин Султан Қобус басқарып келмекте. Өткен ўақыт даўамында мәмлекет басшысы басшлығында мәмлекет турмысында жүдә үлкен өзгерислер жүз берди. Экономиканың түрли тармақлары, социаллық тараў-билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият пүткиллей реформаланды. Соның ишинде, саррас 1970-жыллардан билимлендириў системасын раўажландырыў жолында баслы реформалар әмелге асырылған. Жаңа билимлендириў дәргайларын қурыў, алдыңғы усылларды әмелге енгизиў ушын мәмлекет ғәзийнесинен үлкен муғдарда қаржы ажыратылды. Өткен әсирдиң 70-жылларында мәмлекет бойынша үш ғана мектп бар еди. Бүгин болса жүзлеп мектеплер, бир қатар жоқары билимлендириў мәкемелери жумыс алып бармақта. 1986-жылда шөлкемлестирилген Султан Қобус университети илимий ҳәм техникалық потенциалы жағынан тек ғана елде емес, регионда да жетекши орынлардан бирин ийелейди.

ӨзА