Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы ҳәм оның  районлық(қалалық) жәмийетлери тәрепинен тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Усы жылдың 11 айы даўамында пуқаралар тәрепинен келип түскен мүрәжатларды үйрениў барысында Хожели районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен газ тәмийнаты бойынша  бир қатар тийкарсыз қарыздарлық анықланды.

– Хожели районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине газ тәмийнаты тараўындағы тийкарсыз қарыздарлық бойынша келип түскен 28 мүрәжаттың барлығы тутыныўшылардың пайдасына шешилип, 8 миллион 839 мың сумлық ақша қайта есаплап берилди,-дейди Федерация қәнигеси Э.Ибраймова. – Атап айтқанда, ноябрь айының өзинде Хожели районы «Мустақиллик» АПЖда жасайтуғын пуқара П.И.диң 2,4 миллион сумлық, Ж.Ф.ның 806 мың сумлық  газ қәнигелери тәрепинен билдирген қарыздарлығы бойынша еткен мүрәжаты районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен үйренилгенинде, тутыныўшылардың мүрәжатында көрсетилгенлер дурыс екенлиги анықланды ҳәм олардың ақшалары қайта есаплап берилди.

Республикамыз бойынша Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлерине тийкарсыз қарыздарлық бойынша пуқаралар тәрепинен усы күнге шекем жәми 45 мүрәжат келип түскен. Атап айтқанда, соның 28 и Хожели районына тийисли.

Бул бағдардағы тутыныўшылардың мүрәжатларын үйренип шығыў жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.