Британиялы ҳәм америкалы илимпазлар топары қайсы жыл адамзат өмири ушын ең аўыр болғанлығын анықлады. Мәлим болыўынша, эрамыздың 536-жылы адамзат тарийхындағы ең жаман жыл болған. Бул ҳаққында Korrespondent.net хабарына тийкарланып Daryo.uz хабар бермекте.

Сол жылы 100 жыллық экономикалық төменлеў басланған ҳәм ол адамзатты аўыр аўҳалға салған. Сол ўақытта Византияда Уллы Юстиниан басқарыўының 10-жылы болған ҳәм ҳеш қандай әдеттегидей болмаған процесс бақланбаған. Бирақ, апатшылықтың себеби тәбият аномалиялары менен байланыслы болған.

Қәнигелердиң сөзлерине қарағанда, Куяшты жумбақлы шаңлы думан тосып қойған ҳәм бул температураның төменлеўине алып келген. Өз гезегинде өнимлердиң набыт болыўы, қурғақшылық ҳәм жазда қар жаўыўы бақланған. Буның ақыбетинде мисли көрилмеген ашлық жүзеге келген.

Изертлеўлерде анық болыўынша, сол жылы үлкен вулканлы процеслер басланған, олар болса күл ҳәм музлаўларды жүзеге келтирген. Екинши атылыў 540-жылы жүз берген ҳәм жағдайды улыўма аўырластырып жиберген. 541-жылы болса Юстиниан эпидемиясы басланған ҳәм адамзатқа ғалабалық қырғын келтирген.

Экономиканы тиклеў ушын адамларға шама менен 100 жыл керек болған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги