Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасында болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанға сапарының  екинши күни Арқа-Батыс әскерий округине қараслы Нөкис горнизонында болды. Бул жерде Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген қурамдағы мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўы менен танысты, әскерлер менен пикирлести.

Миллий армиямыздың жаўынгерлик қүдиретин арттырыў, әскерий хызметкерлерге мүнәсип шараятлар жаратыў турақлы итибарда. Кейинги жыллары бул бағдардағы реформалар жаңа басқышта даўам еттирилмекте.

Атап айтқанда, әскерий потенциалды арттырыў мақсетинде армияны заманагөй әскерий техникалық ҳәм қурал-жарақ пенен тәмийинлеў жаңа басқышқа көтерилди. Теориялық билимлерди әмелиятта сынақтан өткериўге итибар күшейтилди. Усы жылдың өзинде дала полигонларында жаўынгерлик жағдайларға жақын шараятта әмелий шынығыў өткериў сезилерли дәрежеде артты. Бул әскерий хызметкерлердиң психологиялық ҳәм руўхый таярлығын беккемлеў. миллий армиямыздың потенциалын жоқарылатыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Нөкис горнизон аймағындағы әскерий бөлим жатақханасы, оқыў корпуслары, әскерий саўда комплекси, асхана, сондай-ақ, әскерий қалашадағы бақша, мектеп ҳәм жасаў үйлери оңланды. Киши оқыў полигоны ҳәм шабандозлыққа таярлаў майданы капитал реконструкцияланды. Теннис, футбол, волейбол майданшасы жаңадан қурылды.

Капитал реконструкцияланған оқыў корпусының биринде мүддетли әскерий хызметкерлер компьютер билимданлығы, исбилерменлик курслары, шет тиллер, математика ҳәм физика бойынша шынығыўларда қатнасады.

Қысқаша айтқанда, бул жерде мүддетли әскерий хызметкерлер келешекте өзлери ушын зәрүр билимге ийе болады.

Екинши оқыў корпусында мергенлик, артиллерия, ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў, әскерий топография, әскерий тактикалық арнаўлы таярлық ҳәм байланыс бойынша теориялық билимин арттырады. Буннан тысқары, бай китап қорына ийе ҳәм заманагөй мәлимлеме қураллары менен тәмийинленген китапхана әскерлер хызметинде.

Бул жерде әскерий хызметкерлер видеосөйлесиў арқалы белгили шайыр-жазыўшылар менен сәўбетлесиў имканиятына ийе.

Президентимиз оқыў корпусларында ҳәр қыйлы қәнигеликлер бойынша өткерилип атырған шынығыўлар процесин бақлады.

Әскерлеримиздиң ҳәм физикалық, ҳәм руўхый жақтан бәркамал болыўы ушын барлық шараятларды жаратып атырмыз. Соның ушын сизлер ўақтыңызды зая өткермей, китап оқыўыңыз. терең билим алыўыңыз, мәлимлеме технологияларын ҳәм шет тиллерди пуқта үйренип, жасларға өрнек болыўыңыз керек. Себеби жаслар бизиң таянышымыз, үмитимиз, деди Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы.

Ушырасыўда әскерий хызметкерлердиң жасаў шараятын буннан былай да жақсылаў, оның ушын қолайлы орынларда шөлкемлестирилген әскерий-ҳәкимшилик секторлардың жумысын жетилистириў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Нөкис қаласының «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйынында қурылған көп қабатлы турақ жайлар ҳәм олардың биринши қабатында жайласқан мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәм шаңарақлық поликлиника менен танысты.

Президентимиз Қарақалпақстан Республикасына алдынғы сапары ўақтында Нөкис қаласында социаллық объектлер, турақ жайлар қурылысының жойбарлары менен танысып, балалар бақшасын, шаңарақлық поликлинканы көп қабатлы турақ жайлардың биринши қабатында жайластырыў бойынша усыныслар берген еди. Қаланың Абдамбетов көшесинде мине усындай жойбардағы 5 қабатлы 10 арзан турақ жай қурылды. Бул үйлерден екеўиниң биринши қабатында «Нәўше» мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәм шаңарақлық поликлиника шөлкемлестирилди.

Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында қурылған «Нәўше» мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси 50 орынға мөлшерленген. Мәкеме балалардың санасын өсириўге көмеклесетуғын ҳәр түрли ойыншықлар, методикалық қолланбалар менен тәмийинленген. Инглис тили, рус тили, шахмат-шашка дөгереклери шөлкемлестирилген.

Президентимиз мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиндеги шараятларды көзден өткерди. Бақшалар көп қабатлы турақ жайдың сондай өзине жайласқаны адамларға перзенти көз алдында, қәтиржам болыўын, буннан мақсет, бәринен бурын, халыққа қолайлылық жаратыў екенин айрықша атап өтти.

8-шаңарақлық поликлиника бурын Нөкис қаласының 26-киши районындағы бейимлестирилмеген имаратында жайласқан болып, шараяты аўыр, медициналық хызмет көрсетиў ушын жетерли имканият жоқ еди. Халық тар шеңбердеги қәнигелерге көриниў ушын көп тармақлы поликлиникаларға барыўға мәжбүр еди.

10-үйдиң биринши қабатында қурылған 8-шаңарақлық поликлиника аймақтағы 8 мәҳәллениң 46 мың халқына хызмет көрсетеди. 250 қатнаўға мөлшерленген мәкемеде сапалы медициналық хызмет ушын барлық шараят жаратылған, санлы рентген аппараты, УТТ, ЭКГ, биохимиялық анализатор сыяқлы зәрүр медициналық үскенелер менен тәмийинленген.

Поликлинканың өзинде социаллық дәрихана бар. Ол 500 ден аслам, соның ишинде, 55 түрдеги социаллық әҳмийетке ийе дәри-дәрмақлар менен тәмийинленген. Дәрилер өзгермейтуғын баҳаларда, арзан сатылады. Мәкемеде наўқаслардың шыпакер қабыллаўына электрон гезекке жазылыў системасы да жолға қойылған. Адамлар үйде отырып, онлайн тәризде гезекке жазылыўы ҳәм белгиленген ўақытта шыпакер қабыллаўына келиўи мүмкин.

Президентимиз шыпакерлер менен сәўбетте медицинаға қатнастың өзгергени, тараў ўәкиллериниң патронаж хызметин мәнзилли жолға қойыўы керек екенлигин атап өтти.

Арал бойында экологиялық жағдай аўыр. Биз Қарақалпақстанды медициналық хызмет көрсетиў бойынша үлгиге айландырмақшымыз. Бизиң жумысымыздан, бәринен бурын, адамлар разы болыўы керек. Қашан разы болады? Денсаўлығы беккем болса! Сонда кейпияты жақсы болады, өмири узаяды. Енди есабат, статистика менен емес, адамлардың кейпияты менен жасаў керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы усы жерде Абдамбетов көшесинде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, «Nukus city» қалашасы қурылысының жойбары менен танысты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Нөкис қаласында Қарақалпақстанның экономикасын раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң ағзалары, қала ҳәм районлар ҳәкимлери, секторлар басшылары қатнасқан видеоселектор мәжилисин қала ҳәм районларда кең жәмийетшилик ўәкиллери бақлап барды.

Инвестициялық орталықтың жақсыланғаны, зәрүр шараятлардың жаратылғаны нәтийжесинде кейинги еки жылда  Қарақалпақстанның жалпы аймақлық өнимде санааттың үлеси 36 проценттен 41 процентке өскени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы көбирек жумыс орынларын жаратыў, оның ушын жаңа кәрханалар шөлкемлестириў ҳәм барларын кеңейтиў бойынша тарсырмалар берди.

Елимизди жаңа раўажланыў басқышына көтериўди өз алдымызға баслы ўазыйпа етип қойған екенбиз, оны әмелге асырыў ушын бизге, бәринен бурын, жаңа әўлад кадрлар керек. Мине сондай жоқары потенциаллы кадрларды тәрбиялаў мақсетинде елимиздиң ҳәр бир аймағында биреўден жаңа типтеги мектеплер – Президент мектеплерин шөлкемлестириўди режелестиргенбиз, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы бул жумысты Қарақалпақстаннан, Нөкис қаласынан баслаўды усыныс етти. Усынысты ҳәмме қызғын қоллап-қуўатлады. Президентимиз тараў қәнигелерине тийисли тапсырмалар берди.

Келеси жылы Қарақалпақстанда 2 мың 400 орынлы 7 мектеп қурылыўы, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системаларындағы жумыслардың избе-из даўам еттирилиўи атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Нөкис халықаралық аэропортында нуранийлар, зыялылар, жәмийетшилик ўәкиллери менен сәўбетлести. Ашық ҳәм шын жүректен пикирлесиўде елимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясатындағы реформалар, социаллық-экономикалық тараўларда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сөз болды. Жыйналғанлар барлық орында ҳәм барлық тараўларда өзгерислердиң болып атырғанын, оны адамлар өз турмысында, мәҳәллеси ҳәм районы мысалында сезип атырғанын атап өтти.

Усының менен Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына сапары жуўмақланды.

Зиёдулло ЖОНИБЕКОВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Умар АСРОРОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары