Туркия ҳәм Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрликлери және Туркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлиги – TIKA менен биргеликте әмелге асырылып атырған Туркия – Өзбекстан «Саламатлық ҳәптелиги» усы жылдың 3-9-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласында болып өтпекте. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.

Өзбекстан ҳәм туркиялы жәми 38 шыпакер қатнасыўында болып өтетуғын акцияда пластик ҳәм реконструктивлик хирургия және гинекологиялық бағдарларда операциялар әмелге асырылады.

2018-жыл Термиз ҳәм Ташкент қалаларында еки мәрте әмелге асырылған «Саламатлық ҳәптелиги»ниң үшиншиси Нөкис қаласындағы Республикалық Педиатриялық медицина орайы ҳәм Онкалогиялық диспансеринде болып өтеди.

Акция ушын керекли дәри-дармақ ҳәм медициналық қураллар Туркиядан алып келинген болып, акция даўамында Туркия ҳәм Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тәжирийбели шыпакерлери тәрепинен бийпул медициналық хызмет көрсетиў мақсет етип қойылған.

7 күн даўам ететуғын акцияда 600 ге шамалас наўқасларды медициналық тексериўден өткериў, 200 ге шамалас наўқасты операция етиў жобаластырылған. Соның менен бирге, аўыр операцияларға мүтәжлиги болған наўқаслардың барлық қәрежетелери Туркия Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм TIKA тәрепинен төленген ҳалда Туркиядан емлеўди тәмийинлеў де жобаластырылған.

Туркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлиги, Өзбекстан ҳәм Туркия Денсаўлықты сақлаў министрликлери менен биргеликте 2009-2017-жыллар даўамында бундай акциялар Өзбекстанның ҳәр қыйлы ўәлаятларында 11 мәрте өткерилген болып, бундай акцияларда 18 жасқа шекемги 3637 бала ҳәм жас өспиримлер медициналық тексериўден өткерилип, 1049 ы бийпул операция исленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги