Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 4-октябрь күни «Ишки ислер органлары тараўында мəмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң айрым ҳəкимшилик регламентлерин тастыйқлаў ҳаққында» ғы 797-санлы қарары қабыл етилди.

Бул қарар бойынша енди пуқараларымыз Судланғанлық (судланбағанлық) ҳаққындағы мағлыўматнамасын ҳəм мəнзил мағлыўматнамасын өзин-өзи басқарыў уйымларына яки республика орайларына барып жүрместен бир ўақыттың өзинде мəмлекетлик хызметлер орайларынан яки бирден-бир интерактив хызметлер порталында дизимнен өтип алыўы мүмкин.

Буның ушын арза бериўши мəмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат етеди яки тең пайдаланыў ушын мəмлекетлик хызметлерден электрон көринисинде пайдаланыў ушын бирден-бир интерактив хызметлер порталында дизимнен өтеди.

Арза бериўши мəмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат еткен жағдайда мəмлекетлик хызметлер орайы қәнигеси арза бериўшиниң атынан  сораўнаманы электрон тәризде толтырады (Арза бериўшилердиң пуқаралығын тастыйқлаўшы ҳүжжети болыўы шəрт). Егер де үшинши шахс ушын ҳəрекет етип атырған болса сораўнамаға нотариал тастыйқланған исеним хаты усынылады. Сораўнама толтырылғаннан соң арза ийеси өзиниң электрон санлы имзасы менен тастыйқлайды. Мəмлекетлик хызмет көрсетилгени ушын ең кем мийнет ҳақысының 10 проценти муғдарында төлем өндириледи. Арза бергениңизден кейин судланғанлық (судланбағанлық) ҳаққындағы мағлыўматнаманы 2 (еки) жумыс күни даўамында, ал мəнзил мағлыўматнамасын 1 (бир) жумыс күни даўамында алыўыңызға болады.

 

Дилафруз Өтениязова,

Нөкис районы мəмлекетлик хызметлер орайы ҳужжетлерди қабыл етиў ҳəм усыныў бөлими баслығы.