Бүгинги күнде республикамыз аймағында шарўашылық тараўына ветеринариялық хызмет көрсетиў ушын район аймақларынан 128 зооветпунктлер ашылып, қара маллар арасындағы ҳәр қыйлы кеселликлердиң алдын-алыў ушын хызмет етпекте.

«Нәсилшилик хызмет» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде  Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанында жаңадан шөлкемлестирилген инспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасының шарўашылықта нәсилшилик бөлими тәрепинен шарўашылық тараўындағы Президент пәрманларын, Ҳүкимет қарарларын сапалы, толық, булжытпай орынлаў мәселелерине бағышланып, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы судентлериниң қатнасыўында семинар шөлкемлестирилди.

– Семинар қатнасыўшылары  «Нәсилшилик хызмет» ЖШЖ да бүгинги күнде 8 адам жумыс пенен тәмийинленип, олар  тәрепинен бағылып атырған 12 бас ҳасыл туқымлы буғалар менен танысты. Олардың ҳәр бири 1 тоннаға шамалас салмақтағы Германия, Польша, Беларус, Қазақстан ҳәм Голландия мәмлекетлеринен алып келинген қара-ала, қызыл-шөл, Симентал ҳәм тағы басқа да ҳасыл туқымлы қара маллар екенлигин көрген оқыўшыларда қызығыўшылық пайда болды,-дейди Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы агросаноат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы баскармасы шарўашылықта нәсилшиликти қадағалаў бөлиминиң баслығы А.Аспетуллаев.

– Усы жылдың 9 айы даўамында «Нәсил-хызмет» ЖШЖ тәрепинен 263,639 мың доза музлатылған буға уруғлары таярланылып, республикамыздың барлық районындағы шарўашылық фермер хожалықлары, жеке жәрдемши, дийқан хожалықларына жеткерилип берилип, нәсилли қара маллардың түрин көбейтиўге үлесин қосып атырғаны белгили болды.

Семинар қатнасыўшылары Хожели районы аймағында жайласқан Э.Матинязов басшылығындағы «Арал Газ Ойл Инвест» фермер хожалығындағы жумыслар менен танысты. Бул фермер хожалығындағы нәсилли саўын сыйырлар күнине 20-30 литрге шекем сүт, қара маллар болса 1 тоннадан гөш өнимлерин беретуғыны атап өтилди.

Семинар қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.