Президентимиздиң 2017-жыл 27-июльдағы «Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқуқларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў системасын буннан былайда жетилистириў илажлары ҳақққында»ғы пәрманы исбилерменликти раўажландырыў жолында әмелге асырылып атырған реформаларды жаңа басқышқа көтериўге, тараўдағы ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў ҳәм исбилерменлердиң исенимли ҳуқықый мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етпекте.

«Қарақалпакстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен исбилерменлик субъектлери жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға әмелий жәрдем көрсетиў бойынша алып барылған үгит-нәсият жумыслары нәтийжесинде республикамыздағы 325 пуқараның исбилерменлик жумыслары қайта тикленгени ҳәм белгиленген тәртипте дизимнен өтиўи арқалы олардағы 6,4 миллиард сумлық салық қарызы есаптан шығарылды»,-делинген Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы Жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый мәлимлеме секторы тәрепинен берилген мағлыўматта.

– Бир неше жылдан берли финанслық жәрийма нәтийжесинде келип шыққан мәмлекеттен қарызларымды тоқтатыў мәселесин шеше алмай қыйналып жүрген едим,-дейди пуқара Қ.Хожаев. – Мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған жеңилликлерди, салықтағы карызымның есаптан шығарылғанын еситип исбилерменликке болған қызығыўшылығым және де артты ҳәм усы күнниң өзинде-ақ жумысымды қайта тикледим. Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары тәрепинен мениң 58,3 миллион сумлық салық қарызым есаптан шығарылды. Исбилерменлер ушын бундай имканиятларды жаратып берип атырған Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремен.

Әлбетте, елимизде исбилерменлер ушын имканиятлар есиги кең ашылған. Олардан мақсетке муўапық, дурыс пайдалана алыў болса дәўирдиң талабы болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.