Нөкисте Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның әмелге асырылыўы жағдайы бойынша аймақларда өткерилетуғын жәмийетшилик мониторингине бағышланған «Ҳәрекетлер стратегиясы: есабат ҳәм келешектеги қәдемлер» темасында дөгерек сәўбети болып өтти.

«Раўажландырыў стратегиясы» орайы, республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман), Конрад Аденауэр қорының елимиздеги ўәкилханасы тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илажға үгит-нәсият топарының ағзалары, қала ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары, сиясий партиялардың, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда «Раўажландырыў стратегиясы» орайының директоры А.Бурханов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) У.Мухаммадиев,  Конрад Аденауэр қорының елимиздеги ўәкилханасының координаторы А.Алиқулов шығып сөйлеп, мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжеcине, өткерилип атырған дөгерек сәўбетиниң мақсети ҳәм ўазыйпаларына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, ғәрезсизлик жылларында елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекетти, күшли пуқаралық жәмийетин қурыў, халықтың тыныш ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў, елимиздиң халықаралық майданда мүнәсип орын ийелеўине бағдарланған комплексли илажлар әмелге асырылды. Бунда 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының қабыл етилиўи айрықша әҳмийетке ийе болды. Усы  ҳүжжеттиң екинши басқышы есапланған Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилип, бүгинги күни оның орынланыўын тәмийинлеў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, быйылғы жылдың өткен 9 айы даўамында 231 бәнттен ибарат  Мәмлекетлик бағдарламаның 122 бәнтиниң орынланыўы тәмийинленди. Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс тараўында 3, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў тараўында 12, экономиканы раўажландырыў ҳәм жедел исбилерменликти қоллап-қуўатлаў тараўында 7, социаллық тараўды раўажландырыў бағдарында 3, қәўипсизлик, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў тараўында 12 Нызам, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 287 пәрман ҳәм қарары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 431 қарары қабыл етилди.

Соның менен бирге, мәмлекетлик басқарыў ҳәм суд-ҳуқық системасы түп-тийкарынан жетилистирилди, экономикалық өсимниң жоқары пәтлери сақлап қалынды. Импорттың орнын басатуғын жалпы ишки өнимди көбейтиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, бәнтликти тәмийинлеўге ерисилип, елимизде инвестициялық орталық жаңаланды. Ең баслысы, халық пенен тиккелей пикирлесиў системасы қәлиплесип, жәмийетимиз ашық-жәриялылық ҳәм әшкаралық тийкарында раўажланыў жолына өтти.

Ҳақыйқатында да, Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген илажлардың орынланыўы барысында «Инсан мәплери – ҳәмме нәрседен үстин», «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек», деген ийгиликли идеяларды өзинде жәмлеген, пуқаралардың ҳуқықларын қорғаўға ҳәм халықтың мәплериниң әмелде тәмийинлеўине қаратылған көплеген унамлы өзгерислер жүз бермекте. Бир ғана мысал, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 12-июньдеги «Еркинен айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманының қабыл етилиўи елимизде алып барылып атырған адамгершилик сиясатының, халқымызға тән кеңпейиллик, кеширимли болыў,  жоқары ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт көрсетиў сыяқлы жақсы пазыйлетлердиң әмелий көриниси болды.

-Бул илажды өткериўдеги мақсет, Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде әмелге асырылған  реформалардың мазмун-мәнисин ҳәм быйылғы жылға қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада белгиленген илажлардың орынланыў барысын кең жәмийетшиликке жеткериўден ибарат,-дейди «Раўажландырыў стратегиясы» орайының жойбар басшысы Асқар Маматханов.- Соның менен бирге, орынларда жәмийетлик мониторингин өткериў арқалы жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерди анықлаў ҳәм оларды сапластырыў илажларын көриў болып табылады.

– Ҳәрекетлер стратегиясында аналықты ҳәм балалықты қорғаў, халықтың денсаўлығын сақлаў, социаллық қорғаўды күшейтиў, билимлендириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, балалар спортын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, оның орынланыўын тәмийинлеў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды, – дейди Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығының орынбасары Муратбай Данияров. – Атап айтқанда, 688 пенсия жасындағы пуқараға пенсияға шықпастан алдын бир жола материаллық жәрдем ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылып, 1872 ислемейтуғын пенсионерге материаллық жәрдем берилди. Буннан тысқары, 2535 кем тәмийинленген жас шаңараққа материаллық жәрдем көрсетилип, 80 жас шаңараққа турақ-жай қурыў ҳәм елимизде ислеп шығарылған турмыслық техникалар сатып алыўы ушын процентсиз ссуда ажыратылды.

Дөгерек сәўбетиниң қатнасыўшылары Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыў бойынша  өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.