Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жасларды диний экстремизм, терроризм ҳәм басқа да жат иллетлер тәсиринен сақлаў мәселелерине бағышланған илаж өткерилди.

Жоқары оқыў орнының 400 ден аслам студент-жасларының қатнасыўында өткерилген ушырасыўда Нөкис қаласындағы имам-ийшан Муҳаммед жомъе мешитиниң жуўапкер ўәкили, психологлар елимизде жаслар сиясатын әмелге асырыў, бул процессте өсип киятырған жас әўладты ҳәр тәреплеме саламат ҳәм бәркамал инсанлар етип тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти. Соған қарамастан, айырым жаслар өткинши ҳәўеске берилип, диний билимлериниң жетерли емеслиги себепли жат идеялар тәсирине түсип, келешегин қәўипке қоймақта.

– Муқаддес ислам дининиң тийкарғы идеясын түсинбеген ҳалда айырым жаман нийетли топарлардың жалғанларына исенип, изине ерип атырған жаслар таңлаған жолының келешеги жоқ екенин кеш аңламақта, – дейди Нөкис қаласы имам-ийшан Муҳаммед жомъе мешити имамының орынбасары А.Жолаўшиев. – Олар Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридий сыяқлы уллы инсанлар жетилисип шыққан, диний билимлендириў жоқары дәрежеге көтерилген елдиң перзентлери екенин умытпаўы керек. Бул ҳаққында оларға көбирек айтып берип, оларды дурыс жолға баслаўға биз өзимизди жуўапкер, деп билиўимиз керек. Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиўимиз зәрүр.

Илажда усы жоқары оқыў орнында билим алып атырған 10 мыңға шамалас студентке тек бир психолог бекитилгени студент-жаслар тәрепинен сынға алынып, усы ҳәм басқа да машқалалар бойынша сораўларға жуўап берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги