Ташкентте 31-октябрь күни Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Регионаллық антитеррор структурасының Атқарыў комитети тәрепинен «Терроризмге қарсы гүрес-шегара билмес шериклик» атамасында алтыншы халықаралық илимий-әмелий конференция шөлкемлестирилди.

Онда ШБШға ағза, бақлаўшы ҳәм диалог бойынша бирге ислесиўши еллердиң делегациялары, халықаралық шөлкемлер, илимий-изертлеў орайларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте ШБШ Бас хаткери Р.Алимов, БМШ Бас хаткериниң орынбасары, Терроризмге қарсы гүрес басқармасының басшысы В.Воронков, Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Д.Аҳатов, ЕҚБШның Терроризмге қарсы гүрес бөлиминиң басшысы А.Аваков, Халықаралық қызыл ярым ай комитетиниң вице-президенти К.Карбонье қатнасты.

Атап өтилгениндей, дүньяның түрли регионларында халықаралық терроршылық шөлкемлериниң ҳәрекети күшейип баратырған бир ўақытта ШБШ мәканында терроризмге қарсы гүресиў бағдарындағы ис-ҳәрекетлерди және де күшейтиў зәрүр. Регионда тынышлықты беккемлеў, терроризм, сепаратизм, экстремизм қәўпиниң алдын алыў, жаслардың жат идеялар тәсирине түсиўине жол қоймаў сыяқлы мақсетлерге ерисиўди ШБШға ағза мәмлекетлердиң Регионаллық антитеррор структурасы шеңбериндеги жумысы  үлкен әҳмийетке ийе. Бул конференция болса, усы бағдардағы көзқарасларды улыўмаластырыў, өз-ара пикир алмасыўда қолайлы қарым-қатнас майданы болып хызмет етпекте.

Регионаллық антитеррор структурасы өз жумысы даўамында дүньяда қәўипсизликти беккемлеўге, тынышлықты сақлаўға қаратылған пайдалы нәтийжелерге ерисип келмекте. Структура терроризм, диний экстремизм, сепаратизм, қурал-жарақ ҳәм наркотиклердиң нызамсыз саўдасы, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында салмақлы жумысларды әмелге асырмақта.

Шөлкем 2017-жылғы жумысы даўамында бир қатар террористлик актлердиң алдын алыўға ерисип, 50 ден аслам террористлик топарлардың жумысына шек қойылды. Сондай-ақ, халықаралық излеўде болған 150 терроршы қолға алынды.

Интернет тармағынан ғәрезли мақсетлерде пайдаланыўды анықлаў ҳәм оған шек қойыў бойынша да структура нәтийжели жумыс алып бармақта. Атап айтқанда, өткен жылы жаўызлық ҳәм бузғыншылық идеялары сәўлеленген 500 мыңнан аслам материалды өзинде жәмлеген  80 мың, террористлик ҳәм қадаған етилген диний шөлкемлердиң 360 сайтының жумысы тоқтатылып қойылды. Бул интернет дәреклерин жүргизип атырған 122 адамға жынайый ис қозғатылды.

Бүгинги күнде структураның жумысында интеграция процеси жеделлик пенен бармақта. Атап айтқанда, ШБШ ағзалығына кирген Ҳиндстан ҳәм Пакистан мәмлекетлери антитеррор структурасы жумысында белсене қатнаса баслады. Бул, өз гезегинде, ШБШның қәўипсизликке ҳәм турақлылыққа ерисиў бойынша имканиятларын және де арттырмақта.

Конференцияның қәўипсизликке қәўип туўдырыўы, мүмкин болған жаңа қәўип-қәтерлерди анықлаў ҳәм олардың алдын алыў мәселелерине бағышланған секция мәжилисинде терроризмге қарсы гүресиўди халықаралық шериклик, заманагөй қәўип-қәтерлердиң алдын алыўдың нәтийжели механимзлерин ислеп шығыў сыяқлы мәселелери бойынша пикир алысылды.

Экстремизм, бузғыншылық ҳәм террористлик ҳәрекетке шек қойыў халықаралық ҳуқық нормаларына әмел етиўди талап етеди. Гезектеги секция мәжилислери мине усы мәселелерге бағышланды. Онда терроризм ҳәм бар басқа да қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде нызамшылық ҳәм ҳуқықты қорғаў әмелиятына, соның ишинде, халықаралық адамгершилик принциплерине әмел етиў зәрүрлиги атап өтилди.

Конференция 1-ноябрь күни өз жумысын даўам еттиреди. Илажда қатнасыўшылар ШБШ мәканында тынышлыққа ҳәм турақлылыққа ерисиў, терроризмге ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў, оның ақыбетлерин сапластырыў бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыў имканиятына ийе болады.

У.ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы