Ташкентте 31-октябрь-1-ноябрь күнлери Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Регионаллық антитеррор структурасы тәрепинен «Терроризмге қарсы гүрес-шегара билмес шериклик» атамасында алтыншы халықаралық конференция өткерилди.

Онда ШБШға ағза, бақлаўшы ҳәм пикирлесиў бойынша шерик еллердиң делегациялары, халықаралық шөлкемлер-БМШның арнаўлы структуралары, ШБШ Секретариаты, ҒМДА тармақ бойынша бирге ислесиў уйымы (Шегара әскерлери сәркардалығы кеңесиниң Муўапықластырыўшы хызмети), Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми, Интерпол, Халықаралық Қызыл ярым ай комитети, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм басқа да бир қатар шөлкемлер, илимий-изертлеў  орайларының ўәкиллери қатнасты.

Конференцияда қатнасыўшылар  глобал ҳәм регионаллық көлемде халықаралық терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиўдиң ҳәзирги жағдайы, динамика ҳәм тенденциялары ҳаққында пикир алысылды. Дүнья жәмийетшилигиниң раўажланыўында кескин бурылыс басқышын басынан өткерип атырғаны ҳәм бул процессте бир қатар регионларда террористлик қәўип-қәтерлер ҳәм келиспеўшиликлердиң күшейип баратырғаны атап өтилди. Қатнасыўшылар ҳәр қандай көринистеги терроризмди қаралайтуғынын ҳәм халықаралық терроризмге қарсы гүрес ҳәм антитеррорлық шериклик БМШ режесиниң принциплери, халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларына қатаң әмел етип, жағдайды сиясийлестирмеў, екиленген стандартлардан пайдаланбаған ҳалда әмелге асырылыўы, бул процессте БМШ ҳәм оның Қәўипсизлик кеңеси орайлық муўапықластырыўшы болыўы керек екенлигин атап өтти.

Бир қатар регионлар, биринши гезекте Жақын Шығыс ҳәм Аўғанстанда жағдайдың кескинлесиўине байланыслы жаңа қәўип-қәтерлердиң жүзеге келип атырғаны атап өтилди. Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүрести себеп еткен ҳалда, басқа мәмлекетлердиң ишки ислерине араласыўына жол қоймаў, сондай-ақ, террористлик ҳәм экстремистлик топарлардан ғәрезли мақсетлерге пайдаланыў керек емеслиги атап өтилди.

«Ислам мәмлекети» деп аталатуғын халықаралық терроршылық шөлкеми тәрепинен, Европа, Орайлық ҳәм Қубла-Шығыс Азияда терроризм ошақларын жаратыў бойынша системалы жумыслардың әмелге асырылып атырғанына итибар қаратылды.

Сирия Араб Республикасындағы терроризм ошақларын жоқ етиў тийкарында өз елине қайтарылып атырған жаўынгер-терроршыларға қарсы гүрес машқаласы глобал әҳмийетке ийе болып, бул өз ўақтында мағлыўмат алмасыў ҳәм жоқарыда атап өтилген тайпаға киретуғын адамларға тийисли шараларды әмелге асырыў мәселелеринде халықаралық бирге ислесиўди жеделлестириўди талап етеди, деген анық пикирге келинди.

Аўғанстанның шегараалды ўәлаятларында айырымлары ШБШға ағза мәмлекетлердиң пуқаралары, соның ишинде, Жақын Шығыстағы жаўынгерлик ҳәрекетлерде қатнасқан жалланба әскерлерден ибарат «Ислам мәмлекети» халықаралық терроршылық шөлкеминиң ағзалары жыйналып атырғаны тәшўиш оятпақта. Қатнасыўшылар Аўғанстанның терроризмге қарсы гүреси бойынша ис-ҳәрекетлерине көмеклесиўге таярлық билдирип, аўған халқының өзи тәрепинен елде тынышлық ҳәм турақлылық орнатылыўы пүткил регионда қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Интернет тармағынан террористлик ҳәм экстремистлик мақсетлерде пайдаланыўға қарсы гүрес бойынша тәжирийбе алмасылды. Интернет арқалы террористлик ҳәм экстремистлик идеологияны үгит-нәсиятлаўдың алдын алыў, бул иллетлерге шақырыўға, сондай-ақ, адам жаллаўға қарсы халықаралық бирге ислесиўди жетилистириў зәрүрлиги атап өтилди.

Конференцияда терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүрес бойынша өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды. Барлық мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер тәрепинен БМШ Бас Ассамблеясы, БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң резолюциялары ҳәм Жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў бойынша қаржылық илажлар ислеп шығатуғын топардың халықаралық стандартларының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды және де жетилистириў зәрүрлиги атап өтилди.

Өз ўақтында мәлимлеме алмасыў, террористлерди излеп табыў, шегараалды аймақларда қадағалаўды күшейтиў, антитеррор бөлимлери ушын кадрлар таярлаў, антитеррор оқыў-шынығыўларын өткериў, бул бағдардағы халықаралық бирге ислесиўдиң нормативлик-ҳуқықый тийкарларын буннан былай да жетилистириў усыныс етилди.

Анық трансмиллий түрге енген терроризм жеделлесип баратырған шарятта бул конференцияның өткерилиўи дүнья жәмийетшилигиниң ис-ҳәрекетлерин бирлестириў және терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүрес тараўындағы халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди.

Өз алдына сессия шеңберинде Халықаралық Қызыл ярым ай комитетиниң антитеррор жумысты әмелге асырыў процесинде халықаралық гуманитарлық ҳуқық нормаларына әмел етиўди тәмийинлеў мәселелерине бағышланған презентациясы болып өтти.

Конференция қатнасыўшылары әнжуманның жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин атап өтип, ШБШ РАТС Атқарыў комитетине жаратылған қолайлы жумыс шараяты ушын миннетдаршылық билдирди.

ӨзА