Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 28-февральдағы «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында белгиленген илажларды орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 17-18 октябрь күнлери Мойнақ районында «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» атамасындағы халықаралық экофестивалы, Бердақ ҳәм Әжинияз шайырлардың қосықлары ҳәм намалары халықаралық фестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық фестивалы өткериледи.

Ҳәзирги күнде районда усы илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша таярлық жумыслары қызғын пәтлер менен алып барылмақта.

Фестивальға көплеген сырт еллерден ҳәм бәрше ўәлаятлардан делегациялар қатнасады. Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде Мойнақтағы өткерилетуғын илажлардың ашылыў салтанаты ҳәм илимий-әмелий конференция болып өтеди. Илаж қатансыўшыларына Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық сазлы театрының симфониялық оркестриниң концерт бағдарламасы инам етилип, мийманлар музейдиң биринши ҳәм екинши блокларында жайласқан экспозицияларды тамаша етеди.

Күнниң екинши ярымында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық сазлы театрында Қашқадәрья ўәлаятлық театрының «Танка қайық» атлы спектакли қойып бериледи.

18-октябрь күни илаж қатнасыўшылары Мойнақ районындағы «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Көк суў» көли бойында болып өтетуғын «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық фестивалына, сондай-ақ, Бердақ ҳәм Әжинияз шайырлардың қосықлары ҳәм намалары халықаралық дөретиўшилик-музыкалық фестивалы өтетуғын районлық Мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайына және «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» халықаралық экофестиваль өтетуғын теңиз жағасындағы «Кемелер музейи»не қатнасады.

Илаж шеңберинде район халқы менен ушырасыўлар, Арал балықларынан 99 түрли тағам таярлаў бойынша таңлаў ҳәм концерт бағдарламалары болып өтеди. «Арал балықларынан тағамлар», «Балықтан ең жақсы тағам», «Балық тағамының ең жақсы рецепти», «Балық тағамының ең жақсы көркем-өнер шығармасы», «Ең сүйикли балық тағамының асханасы», «Ең жақсы аспаз», «Балықтан тағам таярлаў бойынша ең тәирийбели үй бийкеси», «Ең жас балық аспазы» атамасындағы таңлаў номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги