Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 8-9-июнь күнлери Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң Астана қаласында болып өтетуғын гезектеги мәжилисине қатнасады.
ШБШға ағза мәмлекетлердиң басшылары шөлкемниң бүгинги жағдайын ҳәм оны буннан былай да раўажландырыўдың перспективаларын додалаўы, регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысыўы, 2017-2018-жылларда шөлкемге басшылық ететуғын мәмлекеттиң мәселесин көрип шығыўы күтилмекте.
ШБШның Ташкент саммити қарарларын әмелге асырыў шеңберинде Астана қаласында Ҳиндстан ҳәм Пакистанды шөлкемге ағзалыққа қабыл етиў процеси жуўмақланады.
Өзбекистан Президенти Астана қаласында EXPO-2017 қәнигелестирилген халықаралық көргизбениң рәсмий ашылыў мәресимине де қатнасады, бир қатар шет елли делегациялардың басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.