«Саламат турмыс тәризин жоқарылатыўда пуқаралық жәмийети институтларының белсендилигин арттырыў, оның нәтийжелерин ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытыўды қоллап-қуўатлаў» атамасында мәмлекетлик грант қосымша таңлаўын
ЖӘРИЯЛАЙДЫ
Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм басқа да пуқаралық жәмийети институтларының төмендеги жәмийетлик мақсетлерди әмелге асырыўды нәзерде тутқан жойбарлары қабыл етиледи:
- Халықтың кең қатламларын (нураныйлар, жаслар, ҳаяллар ҳәм басқалар) денетәрбияға ҳәм спортқа тартыў.
- Мәҳәллелерде денетәрбия менен спорттың раўажланыўына шараят жаратыў, саламат турмыс тәризин ен жайдырыўға жәрдемлесиў.
- Жаслардың жәмлеспеген қатламларын ҳәр қыйлы спорт дөгереклерине, спорт жарысларына тартыў, бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў.
4.Таўлы, узақ ҳәм шегара аймақларында халықтың денетәрбия менен шуғылланыўына кеңнен шараят жаратыў.
- Саламат турмыс тәризин ен жайдырыўда билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң, мәҳәлле ҳәм шаңарақтың өз-ара бирге ислесиўин күшейтиў.
- Мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте мәҳәллелерде ҳәр қыйлы спорт дөгереклериниң жумысын жолға қойыў, жәрдемге мүтәж шаңарақ ўәкиллериниң турақлы денетәрбия менен шуғылланыўын тәмийинлеў.
- Саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға қаратылған көргизбели материалларды ислеп шығыўда социаллық шерикликти күшейтиў.
- Мәҳәллелерде түрли бағдарларда спорт ҳәм халық ойынлары жарысларын шөлкемлестириў.
- Имканияты шекленген жаслардың спорт пенен шуғылланыўында түрли спорт тараўындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў.
- Саламат турмыс тәризин ен жайдырыўда ғалаба хабар қуралларының ролин ҳәм әҳмийетин күшейтиў.
- Мәҳәллелерде халықаралық жарыслардың жеңимпазлары, республика чемпионлары ҳәм спорт шеберлериниң қатнасыўында түрли мәнаўий илажларды шөлкемлестириў.
Мәмлекетлик грант таңлаўында қатнасыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- Шөлкем басшысы тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты.
- www.fundngo.uz веб-сайтанда жайластырылған түрде толтырылған мәмлекетлик грант жойбары ушын арза.
- Мәмлекетлик дизимнен өткерилген Устав (Режеси) ҳәм гүўалықтық мөр менен тастыйықланған нусқасы.
- Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы усынылады.
- Мәпдар мәмлекетлик ҳәм ири жәмийетлик шөлкемлер менен дүзилген социаллық шерикликтиң қоспа режелери де қосымша етилиўи мүмкин.
Бир жойбар ушын мәмлекетлик гранттың муғдары 30 миллион сумға шекем.
Ҳүжжетлер 2018-жыл 26-октябрьден 28-ноябрьге шекем қабыл етиледи.
Ҳүжжетлер «Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик қор» атына:
100163, Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 43-жай мәнзилине «Өзбекстан почтасы» арқалы мөрленген конвертте (А4 форматта) жиберилиўи шәрт.
Ҳүжжетлердиң үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик қордың www.fundngo.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.
Мағлыўмат ушын телефонлар: (0-371) 239-26-76, 239-26-86.