Тахтакөпир районы өрт қәўипсизлиги бөлимшесиниң жаңа, заманагөй қолайлылықларға ийе имараты пайдаланыўға тапсырылды. Сол мүнәсибет пенен өткерилген илажға тараў хызметкерлери, жуўапкер басшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов ашты ҳәм алып барды.

Илажда мәмлетимизде барлық тараўларда әмелге асырылып атырған жумыслар, бәринен бурын, хызметкерлердиң нәтийжели мийнет етиўи ушын жаратылып атырған шараятлар кеңнен атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 14-августтағы 627-санлы «Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Мәмлекетлик өрт қәўипсизлиги бөлиминиң имаратларын басқышпа-басқыш қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша 2016-2030-жылларға мөлшерленген бағдарламасы»на тийкарланып қурылған бул имаратта 3 километр аралықты радиусты бақлаў имканиятына ийе камера орнатылған болып, ол өрт болып атырған орынды дурыс анықлаў имканиятын береди.  Хызметкерлердиң оқыў-шынығыў алып барыўы ҳәм қәнигелигин арттырыўы ушын төрт қабатлы оқыў имаратының қурылып пайдаланыўға тапсырылғаны болса, тактикалық шынығыўлар өткериўде, жаўынгерлик таярлықты күшейтиўде үлкен әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, тараўда мийнет етип атырған хызметкерлердиң нәтийжели жумыс ислеўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде барлық заманагөй имканиятларға ийе хызмет жатақ үйлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги Бас басқармасы тәрепинен 1 дана заманагөй «ISUZU» маркалы өрт өшириў автомобили ҳәм 1 дана скутер тапсырылды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги