Гүрес спорт түри – әзел-әзелден уллылық, мәртлик ҳәм ҳадаллық тымсалы болып, халқымыздың бир неше мың жыллық тарийхқа ийе миллий-мәдений мийрасының бир бөлеги ҳәм бийбаҳа байлығы болып келген.
Соңғы жыллары гүрес – миллий спорт түрин қайта тиклеўге айрықша итибар қаратылды. Қуўанышлы жағдай, 2017-жыл 20-сентябрьде Ашхабад қаласында болып өткен Азия Олимпиада кеңесиниң 36-Бас Ассамблеясында «Кураш» миллий спорт түри тарийхында биринши мәрте XVIII жазғы Азия ойынлары бағдарламасына рәсмий түрде киргизилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2-октябрьде «Кураш» миллий спорт түрин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарар қабыл етилди.
Мине, усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, быйыл 28-31-октябрь күнлери аралығында пайтахтымыздағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде («Манеж» спорт комплексинде) спорттың гүрес түри бойынша 2002-2004-жыллары туўылған жас өспирим ер балалар ҳәм қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты өткерилмекте.
Чемпиоанатқа Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардан келген 750 ге шамалас жас палўанлар ер балалар 10 салмақ категориясында, қызлар 8 салмақ категориясында қатнаспақта.
Жарыста ҳәр бир қатнасыўшы өзлериниң топлаған тәжирийбесин, физикалык имканиятын сынақтан өткерип гилемге түспекте. Ал, тәжирийбели төрешилер болса, спортшылардың беллесиўлерин әдил баҳалап бармақта.
Жарыстың дәслепки күнлеринде гилемге түскен палўанлар арасынан жеңимпазлар анықланды. Атап айтқанда, жас өспирим ер балалар арасында 38 кг салмақта Абдулазиз Абдушукуров (Самарқанд), 42 кг салмақта Мехритдин Шодиев (Самарқанд), 46 кг салмақта Зафар Мусырманов (Самарқанд)лар бириншиликти ийелеген болса, қызлар арасында 33 кг салмақта Мухаббат Қудратова (Бухара), 36 кг салмақта Мухаё Ахметова (Қашқадәрья), 40 кг салмақта Айнура Қуўанышбаева (Қарақалпақстан), 44 кг салмақта Зухра Исакова(Қарақалпақстан)лар биринши орын жеңимпазы деп табылып, Өзбекстан чемпионы болды.
Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Бүгин, ер балалар 50, 55, 60, 65 кг салмақта, қызлар 48, 52, 57, +57 кг салмақта гилемге түсип, өз-ара күш сынасады.
Жарыстың барысы ҳаққында толық мағлыўмат берип барамыз.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы
(Мақаланың сүўретлери М.Ҳабибуллаев тәрепинен түсирилген)