Алдын хабар бергенимиздей, 15-сентябрь күни Ташкент қаласындағы «Туркистон» сарайында жоқары оқыў орынлары студентлери арасында дәстүрий өткерилип киятырған «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының шерек финал басқышы болып өтти.

Шерек финал басқышында табыслы қатнасқан Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қәбилетли студентлеринен дүзилген «Туран» командасы жеңимпазлықты қолға киргизди ҳәм келеси – ярым финал басқышына жол алды.

Мағлыўматларға қарағанда, ярым финал басқышы усы жылдың 22-24-ноябрь күнлери Ташкент қаласында болып өтеди.

Төменде сиз «Туран» командасы ярым финалға жоллама алған шерек финал ойынының 2-турын тамашалаўыңыз мүмкин.

https://youtu.be/62-ygWQwPaA

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.