«Реал» футбол клубы бас тренер Хулен Лопетегиди лаўазымынан азат етти. Бул ҳаққында «Корольлик клубы»ның рәсмий сайты хабар берди.

Испаниялы қәнигениң жумысына клуб президенти Флорентино Перестиң, клуб ықласбентлериниң де кеўли толмады.

Клуб Ла Лигада соңғы үш ойында жеңилип қалды. Эль-Класикодағы 5:1 есабындағы жеңилис оның хызметинен ўаз кешилиўин тезлетти.

52 жаслы Хулен Лопетеги «Корольлик клуб»қа усы мәўсим басында бас тренер етип тайынланған еди. Оның клубтағы статистикасы қанаатландырарлы болмады: 14 ойын, 6 жеңис, 2 тең ойын ҳәм 6 жеңилис.

Лопетеги әўметсизликлер ийримине түсип қалды. Өйткени, ол өткен 4 айдың ишинде екинши мәрте бас тренерликтен азат етилмекте. Есиңизде болса, футбол бойынша жәҳән чемпионаты басланыўына бир күн қалғанда Испания сайланды командасын басқарып барған Лопетеги «Реал» менен шәртнамаға қол қойғаны ушын сайланды команда бас тренерлигинен азат етилген еди.

Мадрид клубын ўақытша «Кастилья» жаслар командасының бас тренери Сантьяго Солари басқарады. Аргентиналы қәниге 2000-2005-жыллар аралығында «Реал»да ойнаған.

Мағлыўмат ушын, «Реал» Ла Лигада 10-турдан кейин 14 упай менен 9-орынды ийелеп тур. Мағлыўматларға қарағанда, «Корольлик клуб»қа италиялы қәниге Антонио Конте бас тренер болыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.