Елимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.

Сол себепли соңғы жыллары мәжбүрий мийнетти сапластырыў бойынша бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилип, зәрүр илажлар көрилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти 2018-жыл 29-октябрь күни барлық дәрежедеги мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшыларының мәжбүрий мийнеттиң ҳәр қандай түри менен көринислерине жол қоймаў бағдарындағы жуўапкершиликти арттырыў ҳаққында бийлик қабыл етти. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызмети мәлим етти.

Бул бийликке муўапық, ғәлле егиў ҳәм суўғарыў жумысларын шөлкемлсетириў  процесинде үлкен кемшиликлерге жол қойғаны себепли Мирзаев Зойир Тоирович Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары –  Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Аўыл ҳәм суў хожалығы, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин қайта ислеў мәселелери комплексиниң басшысы лаўазымынан азат етилди.

Ҳүжжетте Өзбекстан Республикасы Бас прокурорына аўыл хожалығы жумыслары ўақтында жол қойылған нызам бузылыў жағдайлары бойынша тексериў өткериў, Өзбекстан Республикасы Бас министрине, орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшыларына мәжбүрий мийнеттиң барлық түри менен көринислерин сапластырыўға қаратылған илажларды нәтийжели әмелге асырыў бойынша тапсырмалар берилген.

ӨзА