Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-октябрь күни Ташкент қаласы Юнусабад районына барып, бул жерде әмелге асырылыўы мөлшерленген жойбарлар, алдағы режелер менен танысты.

Ташкент қаласының 2018-2019-жыллардағы инвестициялық потенциалына байланыслы мағлыўматларға бола, еки жылда пайтахтымызда 417 жойбарды әмелге асырыў ҳәм соның нәтийжесинде 25 мыңнан аслам жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Олардың 264 и санаат, 153 и хызмет көрсетиў тараўларына тийисли болып табылады. Усы жылдың 9 айында жәми жойбарлар ушын 257,5 миллион доллар көлеминдеги тиккелей сырт ел инвестициялары өзлестирилген.

2019-жылы 1 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестицияларын тартыўдың есабынан 181 жойбарды турмысқа енгизиў мөлшерленген. Соның ишинде, Юнусабад районында 38 инвестициялық жойбар әмелге асырылады.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласының экономикалық имканиятлары кеңлигин, пайтахтымыз барлық тараўда үлги болыўы кереклигин атап өтти. Жойбарлардың кепиллиги, нәтийжелери менен қызықты. Жуўапкер адамларға тартылып атырған сырт ел инвестицияларының көлемин буннан былай да арттырыў, жаңа кәрханалар дүзиў ҳәм салық түсимин көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Президентимиз Ташкент метрополитени Юнусабад бағдарының екинши басқыш қурылысын көзден өткерди.

Ташкент қаласында халық ушын қолайлы шараят жаратыў, сапалы транспорт хызметлерин көрсетиўдиң көлемин кеңейтиў ҳәм метрополитен хызметин буннан былай да раўажландырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Ҳәзирги ўақытта Ташкент метрополитени Юнусабад бағдарының екинши басқыш қурылысы қызғын даўам етпекте.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы жыл 9-февраль күни Юнусабад районында болып, метрополитенниң қурылысы менен танысқан еди. Мәмлекетимиз басшысы бул жерде дөретиўшилик жумысларының барысын көзден өткерди, қурылысшылар менен сөйлести.

Ташкент метрополитени 40 жылдан аслам тарийхқа ийе. Метрополитен жолаўшы тасыўда қолайлық ҳәм қәўипсизлик жағынан ең нәтийжели транспорт қуралы болып табылады.

Юнусабад бағдарында қурылып атырған метро участкасының узынлығы 2,9 километр болып, 2019-жылы пайдаланыўға тапсырыў мөлшерленген. «Түркстан» ҳәм «Юнусабад» жаңа метро бәндиргилеринен ибарат.

Ең тийкарғы мәселе пайтахтымыз көшелериндеги тығылыстың алдын алыў. Бунда метро ең қолайлы қурал, -деди Шавкат Мирзиёев. Қурылыс жумыслары буннан кейин де системалы даўам еттириледи.

Ҳәзирги ўақытта усы бәндиргилер ҳәм олардың аралығындағы туннельди қазыў жумыслары алып барылмақта.

Бул туннельди жабық усылда қазыў ушын Германиядан «Herrenknecht» компаниясының механизацияласқан комплекси алып келинди. Бул үлкен техника май-сентябрь айлары даўамында жыйналды. Тараў қәнигелери Германияда қәнигелигин арттырып келди. «Көпир қурыў» трести унитар кәрханасы тәрепинен туннельдиң дийўалларын беккемлейтуғын тюбинглер ислеп шығарыў цехы иске түсирилди.

Комплекс бир суткада 12 метр қазыў ҳәм 8 айланба орнатыў имканиятына ийе. Бүгинги күнге шекем 350 айланбаға жететуғын конструкциялар резерви жаратылған.

Президентимиз бул комплексти көзден өткерди. Жуўапкерлерге метро станцияларының көриниси ҳәм инфраструктурасы бойынша усыныслар берди.

Транспорт коммуникацияларын қурыўда қаланың келешекте раўажланыўын есапқа алыў, ҳәмме ушын қолайлы болыўын тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы орынларға сапар етиўи ўақтында жас әўлад тәрбиясының бирлемши ҳәм әҳмийетли буўыны сыпатында мектепке шекемги билимлендириў системасын жетилистириў, бақшалардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларды шебер педагоглар менен тәмийинлеў, балаларды мектепке сапалы таярлаў мәселесине айрықша итибар қаратпақта.

Мектепке шекемги билимлендириў системасын жетилистириў бағдарында Юнусабад районында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Бағышамал мәҳәллесинде жайласқан «Севинч» атындағы 74-мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси балалар ушын ҳақыйқый арзыўлар орнына айланды. Мәкеме быйыл түп-тийкарынан оңланып, Президентимиздиң сапары алдынан пайдаланыўға тапсырылды.

275 орынлық мәкеме инновациялық технологиялар тийкарында үскенеленген ҳәм елимиздеги биринши «ақыллы бақша» есапланады. Бул жерде балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде қадағалаў үскенеси, ҳәр  бир ханаға домофон орнатылған. Ата-аналар перзенти қайсы топарда болса, сол хананы бақлайтуғын түймешени басқаннан соң, тәрбияшы баланы алып шығып береди. Имаратқа кирер жерде қойылған таблодан баланың өз топарына киргенин көриў, топардағы шынығыўларды онлайн бақлаў мүмкин.

Текше ҳәм ханаларға исленген реңли белгилер, пикирлеўге шақыратуғын сүўретлер балаларды рең билиўге, санаўға үйретеди. Жол көрсететуғын реңли сызықлар арқалы кишкентайлар өз топарын қыйналмай таўып барады.

Шынығыў ханаларында «Дәслепки қәдем» бағдарламасы тийкарында ислеп шығылған мультимедиа тәжирийбе-сынаў бағдарламасына ийе мониторлар орнатылған. Бул бағдарламадағы ҳәр түрли тараўларға байланыслы сүўретлер, интерактив ойынлар жәрдеминде балалардың билим ҳәм көнликпеси қәлиплестириледи.

Әдиллик министрлигиниң буйыртпасы тийкарында «Sotol systems» компаниясында ислеп шығылған бул бағдарлама онлайн тәризинде ислейди. Оны ата-аналар да уялы телефонына жүклеп алып үйде телевизор арқалы перзентлерин шуғылландырыўы мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысы бақшада жаратылған шараятлар менен танысты, тәрбияшылар менен сөйлести.

Балаларымыздың руўхый дүньясы, билими, денсаўлығы биз ушын ең әҳмийетли мәселе. Соның ушын мәмлекет тәрепинен мектепке шекемги билимлендириўге үлкен итибар берилип атыр ҳәм бул еле басланыўы. Сизлердиң ўазыйпаңыз балалардың көзиндеги талант ушқынларын уғып алыў, оларға жақсы тәрбия бериў, -деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысына Ташкент қаласындағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жағдайы ҳәм оларды раўажландырыўға байланыслы жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Президентимиз бул бағдардағы усынысларды мақуллап, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жаңа бақшалар қурыў, балаларды қамтып алыўды кеңейтиў ҳәм келешекте жүз процентке шекем жеткериў зәрүрлигин атап өтти.

Бул жерде Қубла Кореяның Пучон университети басшылары менен видеоконференция арқалы сөйлесилди.

Президентимиз бақша тәрбияланыўшыларына саўғалар берди.

Шавкат Мирзиёев «Business city – Юнусабад» заманагөй исбилерменлик орайының жойбары менен танысты.

Пайтахтымыз үлкен дөретиўшилик жойбарлардың есабынан күннен-күнге сулыў көриниске ийе болмақта. Жаңадан-жаңа елатлы массивлер, саўлатлы көпирлер, социаллық тараў объектлери ҳәм басқа да имаратлар қаланы тек ғана архитектуралық жақтан емес, ал жасаў ҳәм дем алыў, бизнес жүргизиў шараятларына бола қолай мегаполиске айландырмақта.

Узаққа бармай, қаланың қақ орайында бой тиклеп атырған «Toshkent City» халықаралық исбилерменлик орайы қурылыс ҳаққындағы түсиниклеримизди пүткиллей өзгертип жиберди. Бул жерде заманагөй технологиялар ҳәм архитектуралық үлгилер тийкарында тикленип атырған бийик имаратлар Ташкентке дүньяның қала қурылысы тараўындағы дыққатқа ылайық орайларының бири статусын алыў имканиятын береди.

Раўажланыўдың бүгинги пәтлери, халықтың жақсы жасаўға болған талабын, дүньядағы өзгерислер көлемин есапқа алған ҳалда патахтымызда бир неше заманагөй исбилерменлик орайлары бой тиклемекте.

Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 2-августтағы Республика аймақларында «Business city» заманагөй исбилерменлик орайларын шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы қарарына муўапық, Юнусабад районының Отчопор – 2 мәҳәллеси аймағында қурылатуғын «Business city – Юнусабад» заманагөй исбилерменлик орайы олардың гезектегиси болады.

Бул заманагөй исбилерменлик орайынан көп қабатлы турақ жай комплекслери, бизнес-офислер, саўда-кеўил ашар орынлар, мийманханалардан ибарат көп тармақлы комплекслер, парклер, социаллық объектлер, медициналық-саўалландырыў орайлары орын алады.

Дәслепки есап-санақларға бола, жойбардың нырқы 500 миллион доллар болып, 2019-2023-жылларда әмелге асырылыўы мөлшерленген.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа исбилерменлик орайы қурылысында рельефтен ақылға уғрас пайдаланыў, дүнья қалаларының тәжирийбесин үйрениў зәрүрлигин атап өтти. Оны қурыўға сырт елли инвесторларды, тәжирийбели жойбарлаўшы ҳәм қурылысшыларды тартыў бойынша тапсырмалар берди.

Бул жерде Юнусабад районындағы көп қабатлы жайларды басқарыў бойынша усыныслар менен таныстырыў өткерилди. Ол профессионал сервис компанияларын шөлкемлестириў арқалы көп қабатлы жайларға хызмет көрсетиўди жақсылаў, материаллық-техникалық базаны беккемлеў, экономикалық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған.

Президентимиз районда бул системаны усы мәўсимде-ақ енгизиў, ҳәр бир көп қабатлы жайдың ийесин таўып, оларға жеңилликлер бериў зәрүрлигин атап өтти.

Инновациялық, илимий ҳәм шөлкемлестириў жумысларын бирлестирип, биргеликте алып бармасақ, бул тараў ескише жағдайда қала береди. Коммуналлық хызметлер жеке кәрханалар тәрепинен әмелге асырылмаса, сапа болмайды. Сапа болмағаннан кейин төлем де турақлы болмайды. Бул тараўда хызметти, есап-санақты орнына қойсақ, жағдай өзгереди, адамлар разы болады. – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы «Амилов» кондитер өнимлери фабрикасының жумысы менен танысты.

Бурынғы «Лак-бояў» заводының орнына шөлкемлестирилген «Амилов» фабрикасы усы жыл 5-октябрьде иске түсирилди. Кәрхананың майданы 32 гектар болып, қурылыс-монтажлаў жумыслары, өндирис үскенелери ушын дерлик 80 миллион доллар жумсалды. Германия, Швейцария, Дания, Италия, Австрия ҳәм Голландиядан технологиялар алып келинип орнатылды. Нәтийжеде 850 ге шамалас жумыс орны жаратылды.

Кәрхана жылына 50 мың тоннаға жақын кондитер өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлығына ийе. Бүгинги күнде бул жерде шоколад, конфет, печенье, вафли сыяқлы 60 түрдеги өним таярланбақта.

Бундай мазалы өнимлер усы ўақытқа шекем тийкарынан импорт етилетуғын еди. «Амилов» фабрикасында таярланып атырған кондитер өнимлери шет елдеги өнимлерге салыстырғанда арзан ҳәм сапалы болғаны ушын ишки базарда тез қарыйдарын тапты. Нәтийжеде бундай өнимлердиң импортын 40 процентке шекем қысқартыўға ерисилди. Қала берсе, кәрхана жылына 10 миллион долларлық өним экспорт етиўди режелестирген.

Мәмлекетимиз басшысы фабриканың өндирис қуўатлылығын кеңейтиў, бундай кәрханаларды көбейтиў, бәсекини раўажландырыў, импорт болып атырған басқа да өнимлерди де локолизациялаў бойынша тапсырмалар берди.

Президент Шавкат Мирзиёев «Өзэкспоорай»да Ташкент қаласы ҳәм Юнусабад районы ҳәкимлери, жуўапкерлер ҳәм секторлардың, мәҳәлле басшыларының қатнасыўында мәжилис өткерди.

Онда Юнусабад районын экономикалық раўажландырыў, мәҳәллелердеги социаллық-руўхый орталықты буннан былай да жақсылаўға, халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған илажлар белгилеп берилди.

2019-жылы санаат ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында әмелге асырылыўы мөлшерленген 38 жойбардың ҳәр бири бойынша инта көрсетиўшилер ҳәм дәреклерди анық көрсеткен ҳалда «жол карта»ларын ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Хатлаўда анықланған 332 пайдаланылмай турған объект ҳәм жер майданларында жаңа өндирислер шөлкемлестириў, бюджетке түсимлерди көбейтиў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Социаллық әҳмийетке ийе мәселелерди шешиў, турақ жай фондын раўажландырыў, коммуналлық хызметлерди жақсылаў, объектлерди гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў бағдарындағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдуллао ЖОНИБЕКОВ,

Умар АСРОРОВ,

ӨзАның хабаршылары