Усы жылдың 26-27-октябрь күнлери Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында студентлер арасында спорттың мини футбол түринен «Ректор кубогы» өткерилди.

Жарысқа институттың барлық факультетлеринде оқып атырған студентлерден дүзилген командалар қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 20-сентябрь күни өткерилген «Дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўын және де раўажландырыў бойынша алдағы әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында»ғы мәжилис протоколында белгилеп берилгениндей, студентлер арасында саламат турмыс тәризин кең енжайдырыў ҳәм спортты ғалабаластырыў мақсетинде институт көлеминде усындай спорт жарыслары турақлы түрде өткерилип келинбекте.

Қызғын беллесиўлер тийкарында өткен жарыста 1-орынды педагогика факультети, 2-орын тарийх-география факультети ҳәм 3-орынды математика-информатика факультети командалары жеңип алды.

Жеңимпаз командаға «Ректор кубогы» ҳәм барлық сыйлы орын ийелерине диплом, медаль ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.