Усы күнлерде Россия Федерациясы Сыртқы ислер министрлиги Мәлимлеме ҳәм баспасөз департаментиниң басшысы Мария Захарова басышылығындағы делегация елимизде болып тур.

Мийманлар 26-октябрь күни Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң педагогикалық жәмәәти ҳәм студентлери менен ушырасты.

Сөйлесиўде Өзбекстан – Россия қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилгени, атап айтқанда, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл апрель айында Россия Федерациясына, Россия Президенти Владимир Путинниң жақында елимизге мәмлекетлик сапарлары өз-ара бирге ислесиўди және де беккемлегени атап өтилди.

Мәмлекетлеримиз арасындағы мәдений-гуманитарлық байланыслар да кеңейип бармақта. Россия Президентиниң сапары даўамында биринши мәрте Өзбекстан – Россия медиа-форумы ҳәм Билимлендириў форумы өткерилгени пикиримизди дәлиллейди. «Жаңа экономика ушын жаңа кадрлар» темасындағы Билимлендириў форумында илим тараўындағы бирге ислесиў, соның ишинде, мәмлекетимизде Россияның жетекши жоқары оқыў орынларының филиалларын ашыў ҳаққында 100 ден аслам келисимге қол қойылды.

Мария Захарова студентлер менен региондағы интеграцияласыў процесси, халықаралық шөлкемлер ҳәм структуралардың жумысы, Өзбекстан – Россия қатнасықларының бүгинги жағдайы менен перспективалары, халықаралық сиясат бойынша сәўбетлести.

– Президент Владимир Путинниң Өзбекстанға сапар етиўи даўамында қол қойылған ҳүжжетлер салмағы жағынан өз-ара қатнасықларды жаңа сапа басқышына көтерди, – деди Мария Захарова. – Бул бирге ислесиў жас кадрлар таярлаў бағдарында да жедел раўажланатуғынына гүман жоқ.

Делегация ағзалары университеттиң жумысы, студентлерге оқыў ҳәм әмелият ушын жаратылған шараятлар менен де танысты.

3.JPG

20.JPG

15.JPG

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршысы