22-октябрь күни Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетинде «Латын жазыўына тийкарланған өзбек әлипбесин кең енгизиў ҳәм және де жетилистириў машқалалары» атамасында республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстанда 2021-жылдан баслап толық латын жазыўына өтилиўи жобаластырылған.

Латын әлипбесин және де қолайлы етиў ушын жумысшы топар дүзилип, дерлик еки жыл даўамында олар тәрепинен үлкен жумыслар әмелге асырылды. Фейсбук тармағында «Ўзбек тили жонкуярлари» топары дүзилип, ҳәр қыйлы усыныслар, вариантлар додаланды, қызғын пикир-таласлар болды.

Усы мәселеге бағышланған конференцияда латын жазыўына тийкарланған әмелдеги өзбек тили әлипбесиндеги бир неше ҳәриплерди өзгертиў бойынша усыныслар билдирилген. Бул жуўмақлаўшы мәсләҳәтлесиў екенлиги, яғный жумыслар усы бағдарда алып барылыўы атап өтилген.

 

Киргизилиўи күтилип атырған жаңаша өзгерислерге қарағанда:

Ў (O‘ o‘) — Ŏ ŏ

Ғ (G‘ g‘) — Ğ ğ

Ш (Sh sh) — Ş ş

Ч (Ch ch) — Ç ç көринисинде жазылады, Ng — әлипбеден алып тасланады ҳәм оның айтылыўы оқытыў даўамында айрықша түсиндириледи.

 

Көпшиликке унамай атырған бир тәрепи, «Ch, ch» ҳәриплер бирикпесиниң орнына «Ç, ç» енгизилиўи мүнәсибети менен әлипбеге «С» ҳәрибин киргизиў усыныс етилмекте ҳәм бул ҳәриптен «Жон», «жўжа» сөзиндеги «Ж» ҳәрибиниң орнына қолланыў белгиленбекте: con, cŏca.

Әмелдеги латынша әлипбедеги «J, j» ҳәриби де қалады, оннан «журнал», «жирафа» сыяқлы сөзлердеги үнли «Ж» орнына қолланыў жобаластырылмақта: jurnal, jirafa.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.