«Өзбеккөмир» АЖның Kun.uz сайтына мәлим етиўинше, 2018-жылы 4,4 млн тоннадан аслам көмир қазып алынады.

Электр энергетика секторы көмир өниминиң тийкарғы тутыныўшысы болып, улыўмалық тутыныўдағы көмирдиң 85% инен асламы усы тараўға туўра келеди. Қалған 15% и санаат кәрханалары, социаллық ҳәм коммунал хожалық тараўы және халыққа бөлистириледи.

Демек, есаплаўларға қарағанда, халықтың талабы ушын көби менен 300-400 мың тонна дөгерегинде көмир ажыратылады ҳәм бул оғада аз. Сол себепли, Өзбекстанға бул өним Қазақстан, Россия ҳәм Тәжикстан сыяқлы мәмлекетлерден көп муғдарда импорт етиледи.

Хош, көмирдиң баҳасы неше сум?

Өткен 2017-жылы көмирдиң халыққа жеткерип бериў ушын белгиленген баҳасы бир 1 кг көмир ушын 156,60 сум болған. Бирақ, қыс айларында аймақлардағы еркин баҳа 700-800 сумға шекем көтерилген. Бир шаңарақтың бир жыллық көмир ушын орташа сарпы 500 АҚШ долларына тең болыўы есаплап шығылған.

2018-жылы көмирдиң халыққа жеткерип бериў ушын белгиленген баҳасы 1 кг көмир ушын 273 сум етип белгиленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.