Хожели районлық ҳаял-қызлар комитетиниң есап бериў-сайлаў конференциясы болып өтти.

Онда районлық ҳаял-қызлар комитетиниң 2017-жылы әмелге асырған жумысы бойынша есабы тыңланды. Конференцияда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанда демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм күшли пуқаралық жәмийет қурыўға қаратылған кең көлемли комплексли реформалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Жәмийетимизде ҳаял-қызлардың абырайын ҳәм ролин арттырыў, ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў және қорғаў, олардың жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық белсендилигин жетилистириў, интеллектуаллық ҳәм руўхый потенциалын, улыўма турмысымыздың барлық салаларын модернизациялаў ҳәм жаңалаўда қатнасын арттырыў ушын барлық шараятларды жаратыў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында белгилеп алынды.

Бул әҳмийетли ўазыйпаларды орынлаў бағдарында системалы ҳәм избе-из шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажлар әмелге асырылмақта.

Конференция жуўмағында Сулыўхан Дурсымбетова районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы етип сайланды. Соң бир қатар белсенди ҳаял-қызлар район ҳәкимлиги тәрепинен хошаметленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.