Ҳәр жылы 22-сентябрь пүткил дүнья жүзинде автомобильсиз күн деп белгиленген. Буннан былай Өзбекстанда да ҳәр айдың үшинши жума күни автомобильсиз күн деп жәрияланды.

Бул илаж тийкарынан кең жәмийетшиликке пияда, велосипедте ҳәм жәмийетлик транспортларда жүриўди үгит-нәсиятлаў, халықтың итибарын жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыўға қаратыў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 19-майдағы қарарына муўапық, 2018-2022-жылларда жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў концепциясы ислеп шығылды. Онда соңғы жыллары жол транспорт, әсиресе, велосипед басқарыўшылар қатнасында жүз берип атырған ҳәдийселердиң кескин көбейип кеткени есапқа алынып, қала ҳәм район орайларындағы автотранспорт қуралларының қатнаў жеделлиги жоқары болған аймақларда заманагөй типтеги велосипед жолларын қурыў нәзерде тутылған.

Бундай жоллардың ени кеминде 2 метр ҳәм автомобиль жолынан бир метр қашықлықта жайласыўы күтилмекте. Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасының мағлыўматларына қарағанда, пайтахтымыздағы Аллаяр Досназаров, Өзбекстан, Тақыятас гүзары ҳәм Пиржан Сейтов көшелеринде велосипед жолларын қурыў бойынша усыныс берилген. Жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлери ислеп шығылып, архитектура басқармалары менен келисилген ҳалда қурылыс жумыслары 2019-жылы басланыўы режелестирилген.

Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен ҳәр алты айда «Таза ҳаўа» илажлары өткерилмекте. Быйыл биринши ярым жыллықта 10-апрельден 10-майға шекем таза ҳаўа айлығы өткерилди. Бул айлық даўамында Ишки ислер министрлиги менен бирликте 11 мыңнан аслам автотранспорт қураллары тексерилди. Мәмлекетлик стандарт мәкемелеринен дизимнен өткерилген арнаўлы әсбап-үскенелер жәрдеминде автомобильдиң атмосфераға зыяны тексерилди. Атап айтқанда, бензин ҳәм газ жанылғысында ҳәрекет ететуғын автотранспорт қуралларынан нормадағы 2,20 проценттен аслам углекисли газ шықса, жәрийма қолланылмақта.

Халықаралық тәжирийбеде автомобильсиз күн дәслеп жанылғы май кризисинен шығыў мақсетинде ойлап табылған ҳәм жәмийетлик транспортлар усы күни бийпул хызмет етеди.

Республикамызда быйыл биринши мәрте 19-октябрь автомобильсиз күн деп жәрияланып, акция шеңберинде бир қатар унамлы илажлар әмелге асырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги