Халықтың пикири тийкарында төлеў системасының брендин жаратыў мақсетинде усы жылдың 24-сентябрь күни Орайлық банк жаңадан шөлкемлестирилип атырған төлеў системасының атын анықлаў бойынша таңлаў жәриялаған еди, деп жазады Daryo.uz сайты.

Таңлаўдың биринши басқышында 2,4 мың пуқара өз усынысын билдирди. Олар арасынан ең көп билдирилген үш атама – «Humo», «Adras» ҳәм «Anor» сайлап алынды.

Таңлаўдың екинши басқышында, жоқарыда атлары аталған үш атамадан бирине даўыс бериўде 4 мыңға шамалас респондент қатнасты.

Даўыс бериў нәтийжелерине бола, биринши орынды 45,3% даўыс пенен «Humo» атамасы ийеледи.

Енди «Humo» атамасы тийкарында миллий төлеў системасының брендин ислеп шығыў бойынша жумыслар алып барылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги