Жәмийет турмысында тынышлық ҳәм турақлылық барлық тараўдағы раўажланыўдың әҳмийетли шәртлериниң бири есапланады. Сол себепли елимизде жынаятшылық ҳәм ҳуқуқбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған кең көлемли ислер әмелге асырылып атыр. Бул бағдарда ҳәр ҳәптениң пийшемби күни өткерилип атырған профилактика илажларының айрықша орны бар.

Усындай илажлардың бири «Тынышлық – бийбаҳа байлық» атамасында Ташкент информациялық технологиялары университетиниң Нөкис филиалында да өткерилди.

Ушырасыўда шығып сөйлегенлер жәмийетимизге жат болған иллетлердиң алдын алыў, адам саўдасы, диний экстремизм, терроризмге қарсы гүресиў, миллетлераралық татыўлықты беккемлеў, оқыў орынларында жаслардың тәлим-тәрбиясын, оқыўға қатнасын жақсылаўда ата-аналардың ҳәм педагог хызметкерлердиң жуўапкершилигин арттырыў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Ишки ислер министрлиги тәрепинен жаслар арасында жынаятшылық, ҳуқуқбузарлық ҳәм өз жанына қастыянлық етиў жағдайларының алдын алыў бойынша «жол картасы» ислеп шығылып, өткен жылларға салыстырғанда быйыл жынаятлар санының азайыўына ерисилди.

Илаж соңында жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды.

Бундай ушырасыўлар республикамыздың барлық жоқары, орта арнаўлы оқыў орынлары ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплеринде өткерилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги