Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 28-30-октябрь күнлери Ургенч қаласында биринши мәрте студентлер арасында математика бойынша Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы халықаралық олимпиада өткериледи.

Мағлыўматларға қарағанда, халықаралық олимпиадаға Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасы да қатнасады.

Институттың илимий изертлеў ҳәм илимий педагог кадрларды таярлаў бөлими баслығы П.Калханов және математиканы оқытыў методикасы кафедрасы доценти А.Хожаниязов басшылығындағы команда ағзалары математика-информатика факультети 2-курс студенти Н.Султанов, 3-курс студентлери Ш.Уразматов, Х.Абдуллаев ҳәм 4-курс студенти А.Искендеровлардан ибарат.

Еслетип өтемиз, бул абыройлы халықаралық олимпиадаға дүньяның 20 мәмлекетинен 58 университеттиң командалары қатнасады. Онда 334 студент өз ара жарысады, оларға 100 команда басшылары жетекшилик етеди.

Халықаралық олимпиадада жеңимпазлықты қолға киргизген өзбекстанлы студентлерге математика, физика, мәлимлеме технологиялары бағдарлары бойынша магистратураға квотадан тыс мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға кириў ҳуқықы бериледи.

Жерлеслеримизге халықаралық олимпиада жеңимпазы болыўын тилеп қаламыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.