Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде  Өзбекстан Республикасы салық сиясатын жетилистириў концепциясының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериўге бағышланған оқыў семинары болып өтти.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының баслығы Д.Бабажанов басқарып барды. Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығының орынбасары Э.Гадоев, Өзбекстан Республикасы Есап палатасының жуўаплы хызметкери Ф.Умаров, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының бөлим баслығы Р.Камаловлар шығып сөйлеп, концепцияның мазмун-мәниси, ондағы жаңалықлар ҳәм жеңилликлерге кең түрде тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында салық салыў базасын кеңейтиў арқалы салық ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў ҳәм салық жүгин азайтыў мәселелери айрықша орын ийелейди. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-июньдеги «Өзбекстан Республикасының салық сиясатын жетилистириў концепциясы ҳаққында»ғы пәрманы  салық жүгин избе-излик пенен азайтыў, салық салыў системасын әпиўайыластырыў ҳәм салық ҳәкимшилигин жетилистириў, солай етип, экономиканы жедел раўажландырыў  және елимиздиң инвестициялық тартымлылығын жақсылаўда айрықша әҳмийетке ийе болды.

Концепция шеңберинде 2019-жыл 1-январьдан, мийнетке ҳақы төлеў фондына салық жүклемеси, барлық физикалық шахслардың дәраматларына 12 процентлик бирден-бир салық ставкасын енгизиў арқалы төменлетиледи, сондай-ақ, пуқаралардың социаллық төлемлери бийкар етиледи. Бизнес ушын бирден-бир социаллық төлем ставкасы 15 проценттен 12 процентке шекем төменлетиледи. Сондай-ақ, юридикалық шахслардың айланыслары (нақ пул түсими)нан өндирилетуғын мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпалар бийкар етиледи, юридикалық шахслардың пайдасына салық ставкасы 14 проценттен 12 процентке шекем, коммерциялық банклер ушын болса 22 проценттен 20 процентке төменлетиледи. Қосымша қунға салық ставкасының 20 процентлик ҳәзирги муғдары сақлап қалынады, бунда салық есабы толық системалы енгизиледи, салыққа тартыў базасы анықластырылады, жеңилликлер саны кемейтиледи ҳәм 2019-жылдың жуўмақлары бойынша бул салық ставкасы төменлетиледи.

Соның менен бирге, салық уйымлары ҳәм ҳақ нийетли салық төлеўшилер арасында оларға ағымдағы салық салыў мәселелерин шешиўде ҳәр тәреплеме жәрдем берген ҳалда, кеңейтилген мәлимлеме алмасыўын нәзерде тутатуғын салық қадағалаўының заманагөй түри – салық мониторинги енгизилди. Бунда ўақтынша қаржылай қыйыншылықларға дус келген ҳақ нийетли салық төлеўшилер – хожалық жүргизиўши субъектлерге салық дем алысларын бериў тәризиндеги мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў нәзерде тутылған.

-Оқыў семинарының тийкарғы мақсети, исбилерменлик субъектлерине концепция бойынша салық нызамшылығына киргизилген өзгерислер менен қосымшаларды кең түрде түсиндириўден ибарат,-дейди Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң бас инспекторы Камил Саидов.- Соның ишинде, қосымша қун салығы ҳәм юридикалық шахслардың пайда салығын есаплап шығыў ҳәм төлеў, салық есабын әпиўайыластырыў ҳәм оның автоматластырылған бухгалтериялық есабын жүргизиў тәртиби ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша мағлыўмат берилди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.