Усы жыл 22-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясында Федерация ҳәм оның қалалық, районлық жәмийетлери тәрепинен 2018-жылдың 9 айы даўамында әмелге асырылған жумыслардың жуўмағына бағышланып Кеңес мәжилиси болып өтти.
Кеңес мәжилисинде атап өтилгениндей, есап дәўиринде пуқаралардан Федерация ҳәм оның қалалық, районлық жәмийетлерине жәми 516 мүрәжат келип түскен. Усы мүрәжатлардың 346 сы унамлы шешилип, тутыныўшылардың пайдасына 208 миллион 888 мың сум қайта есаплап берилген. Олардың 134 и Нөкис қаласы, 30 ы Шымбай, 21 и Кегейли районларына туўра келеди. Орын алған кемшиликлер сынға алынды.
Мәжилисте, жәмийетлердиң ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиўи кеңнен додаланып, улыўма әмелге асырылған жумыслар унамлы баҳаланды.
Кеңес мәжилиси күн тәртибинен Федерацияның 2018-жылғы бюджет параметрлери ҳәм усы жылдағы режениң орынланыўы да орын алды.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы ҳәм оның қалалық, районлық жәмийетлериниң басламасы менен шөлкемлестирилген оқыў-семинарлары ҳәм ағартыўшылық илажларының нәтийжелери бойынша мәселелер де көрип шығылып, әмелге асырылыўы тийис болған жумыслар белгилеп алынды.
Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.