Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги усы жылдың ғғғү-октябрь күнлери миллий көргизбелер комплекси “UzEkspoMarkaz”да сырт ел инновациялық орайлары, инвестициялық қорлары, технологиялық агентликлери, технопарклер ҳәм бизнес инкубаторларының белсене қатнасыўында “INNOWEEK” инновациялық идеялар ҳәптелигин шөлкемлестирмекте.

Министрлик баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, илажда Австрия, Уллы Британия, Голландия, Италия, Израил, Россия, Түркия, Эстония, Иран, Қазақстан, АҚШ сыяқлы мәмлекетлерден ири илмпазлар, исбилерменлер, компания басқарыўшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасады.

“INNOWEEK” инновациялық идеялар ҳәптелигиниң тийкарғы мақсетлеринен бири мәмлекетлик уйымлар, еркин экономикалық ҳәм киши исбилерменлик субъектлери, технопарк ҳәм жеке меншик исбилерменлик  мәкемелери, сондай-ақ, реал экономика секторлары менен илимий академиялық ҳәм санаат илимий изертлеўшилик мәкемелери арасындағы бирге ислесиўди сырт елдиң жетекши қорлары, инновациялық орайлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң қатнасыўында беккемлеў болып табылады.

Инновациялық ҳәптелик шеңберинде Халықаралық инновациялық көргизбе ҳәм Халықаралық инновациялар ҳәм инвестициялар форумы өткериледи. Халықаралық инновациялық көргизбе жергиликли ҳәм сырт ел инновациялық ҳәм илимий орайларының, инвестициялық қорлары, технология агентликлери, технопарклер ҳәм бизнес инкубаторларының қатнасыўында  болып өтеди.

-Быйылғы көргизбе бурынғыларынан өзгеше,-дейди Инновациялық раўажланыў министрлиги басқармасы баслығының орынбасары Ҳожиакбар Каримов. – «Себеби, бул гезектеги тийкарғы итибар өндиристе нәтийжели ҳәм пайдалы болған идеяларға қаратылады. Атап айтқанда, 50 ден аслам жаңа қолланба көрсетиледи. Электромобиллер, робототехника ҳәм ушыўшысыз қурылмалардан баслап, аўыл хожалығы, экономика тармақлары ҳәм өндиристиң түрли бағдарларындағы жаңа технологиялар менен бағдарламаларды көриў мүмкин болады. Бурын көбирек жергиликли илимпазлардың өнимлери көрсетилген болса, бул сапары жергиликли ҳәм сырт ел компанияларының жаңалықлары да көргизбе павильонларында көрсетиледи. Соның менен бирге илимий изертлеў мәкемелериниң инновациялық идеяларын коммерцияластырыў бойынша пикирлесиўлердиң өткерилиўи де нәзерде тутылған. Ҳәптелик шеңбериндеги робототехника таңлаўы әсиресе жасларда үлкен қызығыўшылық оятпақта. Оған Өзбекстан ҳәм сырт елден 50 шамалас қатнасыўшы қатнасыўы күтилмекте. Улыўма алғанда халықаралық инновациялық идеялар ҳәптелиги Өзбекстанның халықаралық инвесторлары базарына шығыў ушын шексиз имканият болып хызмет етеди».

ӨзА