«Өзэкспоорай»да Өзбекстан Республикасы менен Россия Федерациясы  арасындағы биринши аймақлараралық бирге ислесиў форумы болып өтпекте.

19-октябрь еки елдиң министрликлери менен уйымлары, аймақларының басшылары, исбилермен топарларының қатнасыўында шөлкемлестирилген илажда Өзбекстан Республикасы экономика министри Б.Хўжаев, Россия Федерациясының экономикалық раўажланыў министриниң орынбасары С.Горьков шығып сөйледи.

Өзбекстан-Россия қатнасықларында аймақлараралық бирге ислесиў әҳмийетли орын ийелемекте. Усы күнге шекем елимиз ўәлаятларының ўәкиллеринен ибарат 14 делегация Россияның 26 ўәлаят ҳәм административлик структураларының социаллық-экономикалық раўажланыўы менен танысып саўда-инвестициялық тараўда келисимлерге ерискен.

Бул илаж мине сондай жоқары дәрежедеги қатнасықларды және де жеделлестириў ушын қолайлы имканият болып табылады. Онда тәреплер аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыўға мәмлекетлер арасындағы қатнасықларды беккемлеў регионлардың экономикалық турақлылығын тәмийинлеў, жумыс орынларын жаратыўдың әҳмийетли факторы сыпатында қарайтуғынын атап өтти.

Илажда еллеримиз аймақлары арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша пикир алысылды. Еки ел аймақларының көтере саўда орайларының жумысын жолға қойыў, өндирис, текстиль тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў, коммуналлық хожалық объектлеринде мәлимлеме технологияларын енгизиў перспективларына бағышланған презентациялары өткерилди.

Бирге ислесиўдиң бир қатар бағдарлары, атап айтқанда, инвестиция ҳәм өндирис кооперациясын раўажландырыў, Өзбекстандағы еркин экономикалық зоналардың перспективлары, сырт ел инвесторлары ушын жаратылып атырған шараятлар менен имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў мәселелери додаланды.

– Мәмлекетиңиз бенен барлық тараўда бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдармыз, – дейди Россия Федерациясы Тюмень ўәлаятының губернаторы А.Моор. – Өзбекстанлы кәсиплеслеримиздиң Россияға сапары даўамында сөйлесиўлер алып барған едик. Ўәлаятымыз Россияның Қубла Батысында жайласқан ҳәм Өзбекстанда жетистирилген мийўе-овощларды елимиздиң барлық аймағына транзит етиў имканиятына ийе. Бирге ислесиў форумында бул бағдарда келисимге еристик. Ташкент ўәлаятының ҳәкимшилиги менен сайланды мийўелерди Россия базарына алып кириўге қаратылған көтере саўда орайларын шөлкемлестириў бойынша келисимге қол қойдық.

Елимиз тәбийғый ресурсларға бай. Бүгинги күнде Өзбекстан-Россия бирге ислесиўинде нефть-газ өнимлерин қазып алыў, қайта ислеў ҳәм экспортқа жибериў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Сөйлесиўлер ўақтында усы тараўда мақул болатуғын инновациялық ҳәм заманагөй технологиялар, әсбап-үскенелер ислеп шығарыў ҳәм сервис хызметлерин көрсетиў бойынша жойбарларды әмелге асырыў еки тәреп ушын бирдей пайдалы екени атап өтилди.

Бирликтеги жойбарлар ҳәм бағдарламаларды табыслы әмелге асырыў, еки елдиң инвестициялық ҳәм экспорт потенциалын жүзеге шығарыўды қоллап-қуўатлаўға қаратылған бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.

Форум шеңберинде «Өзекспоорай»да «Аўыл хожалығы Өзбекстан ҳәм Россия аймақларының өз-ара бирге ислесиўиниң тийкары» атамасындағы көргизбе шөлкемлестирилди. Онда Россия Федерациясы аймақларының экономикалық потенциалы, металлургия, машина қурылысы, электроника, нефть-химия, азық-аўқат, тоқымашылық, аўыл хожалығы сыяқлы көплеген тараўлардың имканиятлары көрсетилмекте.

– Көргизбеде ўәлаятымызда ислеп шығарылған өнимлерди, аймағымыздың инвестициялық потенциалын көрсетпектемиз, – дейди Россия Федерациясы Самара ўәлаятының губернаторы Д.Азаров. – Өзбекстанлы бирге ислесиўшилер менен шериклик қатнасықларын орнатқанбыз. Бүгин елиңиз ислеп шығарыўшылары менен Самара ўәлаятында текстиль өнимлериниң орайын шөлкемлестириў боынша келисимге еристик. Наманган, Хорезм ўәлаятлары менен де бирликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелерин көрип шығып атырмыз.

Көргизбеде Россияның «ПЕГАЗ», «АгроХимПром», «РостАгроСервис», «Чурилова», «ГАЗ», «X5 Retail Group»,  «Ростсельмаш», «РостАгроМаркет» сыяқлы аўыл хожалығы ҳәм машина қурылысы тараўларындағы жетекши кәрханалар да қатнаспақта.

– Компаниямыз қурамындағы 13 кәрханада аўыл хожалығы техникалары ислеп шығарылады, – дейди «Ростсельмаш»тың Азия бойынша саўда-сатық департаменти директоры Андрей Борисов. – Көргизбеде кең түрдеги техникаларымыз бенен қатнасып атырмыз. Елиңиздеги агрофирмалар, фермер хожалықлары менен келисимлерге ерисиў бойынша сөйлесиўлер өткермектемиз.

Бул форум Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары арасында тиккелей бирге ислесиў  байланысларын раўажландырыўда әҳмийетли орын тутады.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

Малохат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршылары